Әзиз ўатанласлар!

Қәдирдан елимиз – Өзбекстанымызға жасарыў, бәҳәр ҳәм гөззаллық байрамы – Наўрыз кирип келмекте.

Әне, усы қутлы әййям-Шығыстың жаңа жылы менен сиз, ҳүрметли ата-аналарды, меҳрибан апа-қарындасларымызды, сүйикли перзентлеримизди, пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлайман.

Кеўиллеримиз шадлыққа ҳәм қуўанышқа толған мине, усы нурлы демлерде бәршеңизге денсаўлық, шаңарақларыңызға ығбал-бахыт, қут-берекет тилеймен.

Қәдирли дослар!

Бүгин көп миллетли халқымыз атызларда ҳәм далаларда, майданларда ҳәм қыябанларда, тәбият қушағында сейил-тамашалар өткерип, Наўрыз әййямын күтип алмақта.

Жети жастан жетпис жасқа шекем барлық ўатанласларымыз үлкен  қуўаныш пенен бир-бирин қутлықлап, усындай жақты күнлерге жеткергени ушын шүкиршилик етпекте.

Ел-журтымыздың теберик жеримизге, ана диярымызға меҳири, өз-ара татыўлық, мийрим-шәпәәт пазыйлетлери және де айқын көзге тасланбақта.

Усындай гөззал пасылда тәбияттағы өзгерислерге үйлесип, жәмийетимиз, турмысымыз да өзгерип, жаңаланып бармақта.

Жаңа жайлар, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият орынлары, заманагөй кәрханалар, абат аўыллар ҳәм қалалар елимиз шырайына шырай қоспақта.

Наўрыз философиясы, Наўрыз қәдриятлары – адамлардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасаў, кекселерге ҳүрмет, мүтәж адамларға итибар ҳәм жәрдем бериў, әдалатлық ҳәм халықты сүйиўшилик ҳәрекетлеримиздиң өлшемине айланбақта.

Биз ең дәслеп аналарымызды, ҳаял-қызларымыз бенен перзентлеримизди, пүткил халқымызды разы етиўди өз алдымызға ийгиликли ўазыйпа етип қойғанбыз. Бул уллы мақсетке, әлбетте, ерисемиз. Сонда турмысымыз және де абат ҳәм абадан, уллы Әлийшер Наўайы бабамыздың айтқанларындай, ҳәр күнимиз Наўрыз болады.

Бүгин тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлеримиз үлкен арзыў-нийетлер менен жаңа мийнет мәўсимин басламақта. Бәршемиз жылымыз қутлы келсин, зүрәәтимиз мол болсын, мийнетиңизден берекет табың, деп оларды қутлықлап, жумысларына табыс тилеймиз.

Әзиз дослар!

Мине, бир неше жыллардан берли, Бирлескен Милллетлер Шөлкеминиң қарарына муўапық Наўрыз байрамы халықаралық көлемде кеңнен белгиленбекте.

Ҳақыйқатында да бул бийтәкирар байрам барлық жақсы нийетли инсанларды бирлестиреди, олардың кеўлинде ең гөззал ҳәм уллы сезимлерди оятады. Сол себепли де Наўрыз байрамы ғәрезсизлик жылларында, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, диярымызда жасап атырған барлық ўатанласларымыздың ардақлы және сүйикли байрамына айланды.

Бүгин шет ел дипломатиялық корпус ўәкиллери, шет елли досларымыз ҳәм шериклеримиз Наўрыз қуўанышын биз бенен бирге бөлиспекте.

Пурсаттан пайдаланып, әзиз мийманларымызға, барлық жақын ҳәм узақ мәмлекетлердеги халықларға шын жүректен шыққан қутлықлаўларымызды жоллап, оларға тынышлық-татыўлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.

Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Мине, усы қуўанышлы демлерде сиз, әзизлерге, пүткил халқымызға ең жақсы тилеклеримди билдиргенимнен бахытлыман.

Шығысқа тән жаңа жылымыз ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир үйге бахыт ҳәм қуўаныш алып келсин!

Барлық пәк арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!

Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти