Пайтахтымызда усы жыл 12-14-март күнлери «Инновациялық олимпиада» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан қатнасқан жеңимпазлар химия, биология, физика, математика, информатика, тарийх, сызыў пәнлери бойынша онлайн тест усылында сынақлардан өтип, Қанлыкөл районынан қатнасқан 20 оқыўшыдан жетеўи сыйлы орынларды алыўға еристи.

Олардан районлық халық билимлердириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Муса Айтмуратов математика пәнинен, 19-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Абатбай Караматдинов  физика пәнинен сыйлы 1-орынды алыўға миясар болып, Өзбекстан Республикалық басқышқа жоллама алған болса, химия пәнинен 18-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-9-класс оқыўшылары, математика пәнинен 19-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы 2-орынларды, ал математика пәнинен  18-санлы улыўма билим бериў мектеби менен информатика пәнинен 19-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеплериниң 10-класс оқыўшылары 3-орын жеңимпазлары болды.

Еслетип өтемиз, «Инновациялық олимпиада» Республикамыздың улыўма билим бериў мектеплериниң қәбилетли оқыўшылары арасында өз-ара дослық қатнасықларды беккемлеў, оқыўшылардың интеллектуаллық ойлаў қәбилетлерин раўажландырыў, олардың пәнлер бойынша билимин, уқыплылығын арттырыў, пәнлерден алған билимлерин еркин көрсете алыўына имканият  жаратып, оқыўшы жаслардың билимин жетилистириў мақсетинде өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.