Қарақалпақстан хабар агентлиги Наўрыз – улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен берилген 5 күнлик дем алыс күнлери қарақалпақстанлы журналистлер қай жерлерге саяхатқа барыўы ҳаққында мағлыўматларды топлады.

Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан балалары ҳәм жас өспиримлериниң сүйикли газетасы «Жеткиншек» редакциясы жәмәәти усы жылдың 18-март күни ҳәм Қарақалпақстан зыялыларының газетасы «Устаз жолы» редакциясы жәмәәти 20-март күни «Дүньяның жамалы» деп тәрийп берилетуғын Самарқанд ўәлаятына саяхат шөлкемлестирмекте.

Редакциялар жәмәәти саяхат даўамында Биринши Президентимиздың қойымшылығына зыярат етип, Самарқандтағы дүньяға белгили тарийхый естеликлер менен орынларды барып көриўди, олар менен жақыннан танысыўды режелестирмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.