Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитети тәрепинен бүгинги күнде бәҳәр келип күнниң қызыўына байланыслы ҳайўанларда ушырасатуғын қутырыў кеселлигине қарсы гүресиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Мине усы илажларда жыл басынан берли тийисли хызметкерлердиң қатнасында республикамыз бойынша жәми 26 мыңнан аслам хожалықларға тийисли үй ҳайўанлары болған 20 мыңнан аслам ийт ҳәм пышық клиникалық тексериўлерден өткерилген.  Сондай-ақ, адамларға ҳәм ҳайўанларға жарақат жеткизген 356 ийт, 29 пышық клиникалық тексериўлерден өткерилген. 6 мыңға шамалас ийтке тийисли гүўалықлар берилген ҳәм 15 мыңнан аслам ийт ҳәм пышыққа қутырыў кеселлигине қарсы шаншыў жумыслары алып барылған. Жәми 360 тан аслам ҳайўан емленип, 850 ден асламы жоқ етилген.

Комитеттиң ҳайўанлардың денсаўлығын сақлаў бөлиминиң қәнигеси Г.Бердимуратовтың билдириўинше, бүгинги күнде республикамыз аймағында жәми 128 зооветеринария шақапшалары бар болып, шарўашылықты раўажландырыў Бағдарламасындағы ветеринария тараўына тийисли тапсырмалардың орынланыўы бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

– Атап айтқанда, 2017-жыл даўамында «Нәсил хызмет» кәрханасынан 130 мың 88 дана нәсилли буғаның туқымы алынған ҳәм 101 мың 182 бас сыйырлар жасалма туқымландырылған. Сондай-ақ, усы бағдарламаға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы ветеринария комитети ҳәм оның шөлкемлеринде ири оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларына жәми 662 миллион сум қаржы жумсалған. Соннан эпизоотикалық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде комитет тәрепинен 14 мотоцикл, 23 велосипед, 100 бүркеўши, 36 микроскоп, 55 дьюар ыдысы, 107 термосумка алынып қалалық ҳәм районлық ветеринария бөлимлерине тарқатылған.

Республика ветеринария инспекторлары ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер тәрепинен «Ветеринария ҳаққында»ғы нызамның 18-статьясына муўапық, ветеринария-санитария қағыйдаларын бузғанлығы ушын Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 109-статьясына бойынша 96 жеке пуқараға жәми 11 миллион 648 мың 745 сум муғдарында ҳәкимшилик жәрийма салынған. Соннан ветеринария хызмети инспекторлары тәрепинен 11 пуқараға 1 миллион 692 мың 639 сум, Дийқан базарындағы ВСЭ лабораториялары баслықлары тәрепинен 85  пуқараға жәми 9 миллион 956 мың 106  сум муғдарында ҳәкимшилик жәриймалар қолланылған.

Өткен 2017-жыл даўамында эпизоотияға қарсы гүресиў бойынша 20 диагностикалық тексериў, 28 профилактикалық, 3 дезинфекциялаў, дезинсекциялаў жумыслары әмелге асырылды.

Ә.Жиемуратов.

Қарақалпақстан хабар агенлигиниң хабаршысы.