«Өзбекэнерго» компаниясы 1-апрельден баслап электр энергиясы тарифлерин арттырыўды мәлим етти, деп хабар бермекте Gazeta.uz сайты. Жаңаланған тарифлер реестри 14-март күни Өзбекстан Қаржы министрлиги тәрепинен тастыйықланды.

Халыққа жеткерип берилип атырған 1 кВт/саат электр энергиясы 204,3 сумнан 228,6 сумға, электр плиталары менен үскенеленген турақ жайларда болса 102,15 сумнан 114,3 сумға көбейтиледи.

Соңғы мәрте электр энергиясы ҳәм басқа да коммуналлық хызметлер тарифлери 2017-жылдың июль айында көбейтилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги