Қарақалпақстан Республикасында өткен жылы бир қатар жәмийетлик шөлкемлердиң тығыз бирге ислесиўи 405 пуқаралар жыйынының 107 синде тынышлықтың тәмийинлениўине хызмет етти. Ал, 2018-жылы жаңадан жумыс баслаған 5 мәкан пуқаралар жыйыны қосылып, 410 мәҳәллениң 378 инде жынаят жүз бермеген.

Бул ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкимлигинде болып өткен «Той мәресимлер – миллий қәдриятларымыз сыпатында» атамасындағы сәўбетлесиў кешесинде хабар берилип, бирге ислесиў нәтийжесинде соңғы ўақытлары ҳәўиж алып атырған миллийлигимизге де, шәриятымызға да жат иллетлерди сапластырыўға ерисилетуғыны атап өтилди.  Илажға Нөкис қаласындағы 58 мәкан пуқаралар жыйынының ақсақаллары, кеңесгөйлери, той мәресимлерин өткериў бойынша комиссия ағзалары, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Нөкис қалалық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажда той мәресимлерин өткериўди тәртипке салыў бойынша қәнигелердиң пикири тыңланып, тийкарғы итибар – үрп-әдет, дәстүрлеримиздеги артықша ысырапгершиликти сапластырыў, пуқараларды дәбдебепазлықтан қайтарыў мәселелерине қаратылды.

Шығып сөйлеўшилердиң пикирлери даўамында жаназа ҳәм басқа да марҳумлардың естелигине бағышланған мерекелердеги унамсыз жағдайлардың, ысырапгершиликтиң азайғаны атап өтилди.

Сәўбетлесиў кешеси даўамында той мәресимлерин ықшамластырыў қағыйдаларына бойсынбаған пуқараларды еркинен айырыў, жәрийма төлеў жазаларына тартыў сыяқлы бир қанша усыныслар билдирилди. Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – жәмийеттеги кеўилсиз жағдайларды сапластырыў ушын усынысларды үйрениўден ибарат еди.

1998-жылы 28-октябрьде Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов тәрепинен «Той мәресимлерин, шаңарақлық салтанатларды, мереке ҳәм мәресимлерди, марҳумлардың естелигине бағышланған илажларды өткериўди тәртипке салыў ҳаққында»ғы Пәрманына қол қойылған болса, арадан 4 жыл өтип 2012-жылы Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң усы мазмундағы қарары жәрияланған еди. Бул қарарда да соңғы ўақытлары ҳәўиж алып атырған дәбдебели тойлардағы артықша қәрежетлердиң жумсалыўын сапластырыў мәселеси көтерилген еди.

Бул мәселеге Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3–август күни дөретиўши зыялылар менен ушырасыўы ўақтында да айрықша тоқтап өткен еди.

Илажды Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының 1-орынбасары, Республикалық «Мәҳәлле» фондының, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов басқарып барды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.