2018-жылдың  «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп белгилениўи мүнәсибети менен исбилерменлик субъектлериниң жумысларында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды мүмкиншилиги болғанынша орынларда шешиў ҳәм сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының басламасы менен республикамыздың барлық қала ҳәм районларында ушырасыўлар өткерилди.

Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Рашид Рахматовтың исбилерменлик субъектлери менен усы мәселелерге бағышланған гезектеги ушырасыўы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Мәмлекетлик салық басқармасы, Бажыхана басқармасы, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, электр, газ, суў мәкемелериниң, қаладағы         4 сектордың басшылары ҳәм қаладағы барлық мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қәнигелери, исбилерменлик субъектлери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғаўға арналған Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарларының мазмун-мәниси туўралы кеңнен түсиндирип өтти.

Атап өтилгениндей, қалада жәми 7579 исбилерменлик субъектлери жумыс ислеп атырған болса, усы жылдың өзинде 509 исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта 5605 исбилерменлик субъектлери ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислемекте. 2017-жыл даўамында 3894 исбилерменлик субъектине коммерциялық банклер тәрепинен 395 миллиард 107 миллион сумнан аслам кредит қаржылары ажыратылған. Усы жылы оларға 450 миллиард сумнан аслам кредит қаржылары ажыратылыўы күтилмекте. Нәтийжеде 3000 нан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Соң, мәжилисте қатнасып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳәм пуқаралардың жумысларындағы машқалалары ҳәм усыныслары тыңланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.