“Қарақалпақгидромет” орайының мағлыўмат бериўинше, ҳәпте ақырына қарай күн жылый баслайды. Яғный 17-20-март күнлери республикада ҳаўа  алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды, 17-мартта айырым жерлерге думан түседи. Самалдыӊ бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с. Ҳаўаның температурасы түнде  0+5 гр  жыллы болады. 17-март күни күндиз 10+15 гр жыллы,  18-20 март күнлери 15+20 гр жыллы болады.

 

ҚХА