Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың мирәт етиўине бола 2018-жыл 15-март күни әмелий сапар менен Астана қаласына барады.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан делегациясы Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының кең көлемли күн тәртибине ийе биринши мәсләҳәт ушырасыўында қатнасады. Бул ушырасыўды өткериў усынысы Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясының 2017-жыл сентябрь айында болып өткен 72-сессиясында алға қойылған және Самарқанд қаласында болған «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажланыў жолында бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияда анық мақсетли бағдарлама дәрежесине шекем  раўажландырылған еди.

Өзбекстанның бул басламасы регионның барлық еллери тәрепинен қоллап-қуўатланып, Қазақстан жоқары дәрежедеги биринши ушырасыўды Астанада өткериўди усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы сол күни Қазақстанда Өзбекстан жылының рәсмий ашылыў мәресиминде қатнасады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев пенен ушырасыўы да режелестирилген.

ӨзА