Бүгинги күнимизди ғалаба хабар қуралларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Санлы телевидение арқалы ҳәр қыйлы форматтағы телеканаллар ҳәр бир үйге кирип келди.

Усындай имканиятлардан пайдаланыў нийетинде болған пуқара Г.Сметова да тюнер сатып алыў мақсетинде Хожели дийқан базарындағы турмыслық техника дүканынан тюнер сатып алады. Бирақ, үйине барғанында оның сапасыз екенлиги анықланады. Ол дүканға қайтып келип, тюнерди басқасына алмастырып ямаса пулын қайтырып бериўин сорайды. Сатыўшы оған келисим бермейди. Буннан наразы болған Г.Сметова Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Усы мүрәжат 3 күнде унамлы шешимин таўып, тюнер басқасына алмастырып берилди.

*   *   *

 

«ҚАРЫЗДАР» ҚАРЫЗДАР ЕМЕС ЕКЕН

Қоңырат районында жасайтуғын С.Нурыллаев районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине Қарақалпақ электр тармақлары кәрханасы акционерлик жәмийети Қоңырат филиалы тәрепинен оның шаңарағына тийкарсыз түрде қарыздарлығы бойынша мағлыўматнама берилгенинен наразы болып, жазба түрде мүрәжат етеди.

Бул мәселе жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, қайта хатлаў өткериледи.  Нәтийжеде пуқара С.Нурыллаевтың 68 киловатт электр энергиясы ушын алдыннан төлеп қойғанлығы анықланады ҳәм жәмийеттиң жәрдеминде тутыныўшының пайдасына 13 мың 892 сум қайта есаплап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)