Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеминиң орайлық Кеңеси ҳәм Республикалық техникалық ҳәм әмелий спорт түрлери орайы тәрепинен Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында спорттың мотокросс түри бойынша Өзбекстан чемпионатының биринши басқышы болып өтти.

Жарысқа “Ватанпарвар” шөлкеминиң Қоңырат районлық әмелий спорт техникалық клубының мотокросс дөгерегиниң ағзалары да қатнасып, өзлериниң шаққанлығын көрсетип, улыўмалық есапта 1-орынды ийеледи. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, жеке тәртипте команда ағзасы Ж.Сапарбаев 65 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясында екинши орын, И.Узақбаев 125 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясы бойынша биринши орынды, жас өспиримлер арасында Ж.Хожаниязов 125 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясы бойынша үшинши орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги