Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси тәрепинен 12-28-февраль күнлери «Өзбекстан жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлери искерлигин және де жеделлестириў ҳәм жанландырыў күнлери» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен «Ҳәким ҳәм жетекши-сәрдарлар» ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкиминиң рәсмий веб-сайты мәлим етти.

Ушырасыўда, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм колледжлердеги  басланғыш шөлкем жетекши сәрдарлары қатнасты.

Ушырасыў даўамында, район ҳәкими М.И.Қосназаров улыўма билим бериў мектеплери ҳәм колледжлердеги басланғыш шөлкем жетекшилериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар берди ҳәм колледжлерде шөлкемлестирилген «Бизнес клуб»ларда өз киши бизнесин баслаў нийетиндеги жаслар ушын семинарлар өткериў нийетинде екенлигин билдирди.

Ушырасыўда сәрдарлар тәрепинен мектеп  китапханаларындағы китап фондларын әдебий китаплар, шет ел әдебиятлары менен байытыў, район аймағында орайлық китапхана ашыў, колледжлерде шөлкемлестирилген «Бизнес клуб»ларда сырт ел бизнес режелери тийкарында семинар-тренинглер өткериў, сондай-ақ, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңеси жанынан шөлкемлестирилген «Жаслар театры»н район орайынан алыс аймақлардағы мектеплерде де алып барыў бойынша усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги