7-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Ең үлгили сәрдарлар Кеңеси» атамасында таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Республикамыздағы 706 мектепте 12924 класс сәрдарлары бар болып, республикалық басқышқа 8 топары қатнасты.

Таңлаўда қатнасыўшылар 3 шәрт бойынша, атап айтқанда, «Бул бизиң искерлигимиз, бизиң жумысымыз», «Бизиң имканиятларымыз» ҳәм «Интеллектуал ринг» атамасындағы шәртлер бойынша өз-ара күш сынасты.

Таңлаў жуўмағында 1-7-класс сәрдарлар Кеңеси арасында Шымбай районлық 32-санлы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектебиниң «Нәўше» топары «Имканияты шекленген балаларды китап оқыўға қызықтырыў» жойбары менен қатнасып биринши орынды ийелеген болса,   8-10-класс сәрдарлар Кеңеси арасында Хожели районлық 3-санлы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектебиниң «Ушқын» топары да биринши орынға ылайықлы деп табылды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған «Камалак» кубоги, арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги