Пайтахтымыздағы  Имам ийшан Муҳаммад жомъе мешитинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен өткерилип атырған «Қуран жарысы»ның республикалық басқышы болып өтти.

Онда жарыстың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған пуқаралар өз билимлерин көрсетип, күш сынасты.

Усы мәнәсибет пенен өткерилген салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Мусылманлары басқармасы мешитлер бөлиминиң баслығы Р.Рахманов ҳәм Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдиновлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Илажда Қуран инсанларды дурыс жолға баслаўшы, жақсы нийетлерге, саўаплы әмеллерге шақырыўшы иләҳий кәлам екенлиги атап өтилип, усы қайырлы ҳәм саўаплы ис алдынан Қуран оқылып, жақсы нийет, дуўалар қылынды.

Илаж көтериңки руўхта ҳәм шөлкемлескенликпенен басланды.

Жарыста 18-25 жастағы қатнасыўшылар арасында Нурмуҳаммед Аметниязов биринши,  Шамсаддин Нуриддинов екинши, Ислом Исмаилов үшинши орынды, 26-40 жас арасындағы қатнасыўшылардан Султанбай Ражапов биринши, Зулфиқар Сапашев екинши, Назаржан Абиджанов үшинши орынды ийеледи.

Муҳаммад ибн Ахмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабаларының қатнасында Ҳифз бағдары бойынша Убайдулла Хабибуллаев биринши, Нематулла Қурбанбаев екинши, Яхияхужа Жураев үшинши орынды, ал Тилаўат бағдары бойынша  Ҳамидулла Ҳикматуллаев биринши, Зарафатдин Сағидуллаев екинши, Караматдин Нажиматдинов үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар қала ҳәм район ҳәкимиятлары, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы