Елликқала районындағы 18-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери ансамбльлери республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы және Хорезм ўәлаяты бойынша аймақлық басқышы жоқары шөлкемлескенлик дәрежесинде өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Таңлаўда халық сазлары, дәстүрий сазенделер ансамбли, фольклор ансамбли, эстрадалық вокал ансамбли, эстрадалық саз ансамбли, хор топары, аяқ-ойын топары бағдарларында жеңимпазлар анықланып, таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын республикалық басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги