Экономист Ҳамза Сариевтиң xabar.uz сайтында жәрияланған Перзентиңиз ушын жумсалған қаржы өзин қашан ақлайды? атамасындағы мақаласы социаллық тармақларда бираз пикирталас ҳәм талқылаўларға себепши болды. Биз де усы мақаланы қарақалпақ тилине аўдарып, мақаланы сап ҳалында дыққатыңызға усынбақтамыз.

Өзбекстан  Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 21-июльдеги «Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған әмелдеги тариф коэффициентлерине бола 2017-жыл 1-декабрьден баслап қолланылатуғын тариф ставкаларының муғдары 1-разряд ушын  426 466 сум,  ең жоқары – 22-разряд ушын 1 763 738 сум етип белгиленген.

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитететин мағлыўматларына көре, Өзбекстанда әйне ўақытта  18,5 миллион (орта ҳәм жоқары) мағлыўматлы кадр бар. Бул тариф ставкалары тап сол кадрлар: министрликлер, ведомстволар, бюджет шөлкемлериниң хызметкерлери ушын әмел етеди. Бул барлық шөлкемлер ҳәм мәкемелер ушын усыныслық характерге ийе болғаны ҳалда ҳеш ким бул муғдардан узақласып кетпейди.

Ҳәзирги ўақытта мийнетимиз есабынан төленип атырған тариф коэффициенти муғдарын инабатқа алған ҳалда, келиң, дыққат пенен, әпиўайы турмыслық мысаллар тийкарында пикирлесип көремиз.

Перзентлеримиздиң айдын келешеги ушын ҳәр қандай машқаланы шешиўге таярмыз. Бизди  бийкарға балажан халық демейди. Мен балаларымыз ушын бақша, мектеп, орта арнаўлы билимлендириў процесинде жумсалатуғын қаржымызға тоқтап отырмайман.

Бүгинги күнде перзентимиз жоқары оқыў орнына кириўи ушын әлбетте репетитордың жәрдемине мүтәж. Бәринен бурын,  мектеп билимлендириўи жетерли емес, бул анық нәрсе. Қалаберди, жоқары оқыў орнына кириў ушын тест сораўларының айырымлары орта мектептиң материаллары тийкарында таярланбаған. Бир ғана математика пәниниң мысалында көретуғын болсақ, мектепте Сканавидиң мәселелер топламы үйретилмейди. Имтихан сораўлары болса тийкарынан сол топламның негизинде дүзилген.

Енди экономикалық бағдарда жоқары мағлыўматты алыўды қәлеген перзентлеримиз ушын зәрүр болған қәрежетлерди есаплап көремиз. Математика – 250 мың сум, физика – 250 мың сум, шет тили – 250 мың сум, өзбек тили – 250 мың сум, жәми – 1 миллион сум. Баламыздың оқыўға қатнаўы ушын айлық жол ҳақысына – 60 мың сум. Түслик қәрежетлери (26 күн х 10 мың, егер усы пул түслик етиўге жетсе) 260 мың сум. Демек, бир ғана перзентимиздиң таярланыў дәўириндеги мүтәжликлери ушын бир айда орташа 1.260.000. сум жумсаўымыз зәрүр болады.

Репетиторда таярланған перзентимиз жоқары оқыў орнына контракт тийкарында кирсе не ислеймиз? Төрт жылда контракт пулы орташа 10 миллион сумнан, жәми 40 миллион сум. Магистратурада оқыўы ушын 20 миллион сум. Демек, улыўма есап бойынша 60 миллион сум жумсаймыз.

Перзентимиз магистр дәрежесин алды. Енди оны мәмлекетлик шөлкемге жумысқа орналастырыў керек. Өзиңиз жақсы билесиз, бул процесстиң де өз процедурасы бар. Яқшы, жетекши қәниге болып жумысқа кирди. Оның айлық мийнет ҳақысы 9-разряд пенен 860 683 сум болады. Қолына орташа 700 мың сум алады. Мине, бизиң сонша жуўырып-жортып ҳәм жумсағанларымыздың нәтийжеси.

Егер перзентлеримиз екеў ҳәм оннан да көп болса не ислеймиз?

Онда жоқарыдағы сумманы перзентлеримиздиң санына көбейтемиз. Бул олардың кийим-кеншек ҳәм басқа мүтәжликлеринен тысқары қәрежетлер. Енди бир шаңарақ ағзаларының, кеминде 4 адамның мүтәжликлерин ақшаға бөлетуғын болсақ, 4-5 миллион сумнан аз емес.

Бизиң мүтәжликлеримиз бенен мийнет ҳақымыз арасындағы айырмашылық күннен-күнге көтерилип бармақта. Буның себеплерин де түсиниў қыйын емес. Жылына бир яки еки мәрте мийнет ҳақы 10-15 процент көтерилген жағдайда басқа тутыныў материаллары 20-30  процентке  көтериледи.  Турақ-жай қурыў, оңлаў, автомобиль сатып алыў ҳәм басқа да мүтәжликлеримиз де шетте қалып кетпеўи керек.

Жақында «Ёшлар» телерадиоканалы арқалы Жаслар аўқамының белсендилериниң қатнасыўындағы дөгерек стол сәўбети көрсетилди. Белсендилерден бири: «Бүгинги жасларымыз сабырсыз, өзлериниң жумыс орынларын таслап кетпекте. Азғана сабыр етсе, ҳәммеси жақсы болады…», – деди. Дурыс, сабыр етсек ҳәммеси жақсы болады. Бул – бизиң тәрбиямыз. Бирақ, деген жери бар. Егер бир инсан жақсы жасаўы ушын өмириниң 11 жылын мектепте, 6 жылын университетте, жәми 17 жылын билим алыў ҳәм қәниге болыў ушын жумсап атырған болса да, жумысқа киргенде алған мийнет ҳақысы менен өзин тәмийинлей алмаса «басқаша жол» излеўге мәжбүр болмайма? Болады.

Президент Шавкат Мирзиёев мийнет ҳақыларды  түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүрлигин атап өтип келмекте. Бирақ бирден-бир тариф сеткасы ушын жуўапкер болған Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен Қаржы министрлиги елеге шекем анық усыныс бергени жоқ. Бәлким, усыныс таярланып атырған шығар, билмедим.

Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске мүрәжатында «Алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында халықтың мүнәсип турмыс дәрежеси ушын зәрүр болған дәраматларды анықлаў бойынша «тутыныўшы себетшеси» түсинигин нызамшылықта беккемлеў ҳәм оны әмелде  тәмийинлеў механизмлерин жаратыў зәрүр»лиги ҳаққында көрсетпе берди. Соннан келип шығып «тутыныў себетшеси»н қәлиплестириў ушын қәнигелеримиз, айтайық, шыпакерлеримиз бизиң саламат жасаўымыз ушын жетерли болған тағамлар дизимин қәлиплестирип берсе, күнделикли мүтәжликлеримиз ушын да усыныслар билдирилсе, экономистлеримиз бенен  биргеликте бүгинги күнниң баҳалары да бир адам яки бир шаңарақ ушын зәрүр болған муғдардың сумдағы қунын тастыйықлап алсақ, Бирден-бир тариф сеткасы да жоқарыдағылардан келип шыққан ҳалда қайтадан белгиленсе, мақсетке муўапық болар еди.

 

ҲАМЗА САРИЕВ

экономист