Усы жыл 28-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айырым категориялары мийнетине ҳақы төлеўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар менен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң айырым хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўди 2 басқышта 2018-жыл 1-марттан ҳәм 1-сентябрьден арттырыў нәзерде тутылған.

Соның нәтийжесинде мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде мийнет етип атырған жәми 3764 хызметкер, соннан 308 баслық, 461 жоқары мағлыўматлы тәрбияшы, 2162 орта арнаўлы мағлыўматлы тәрбияшы, 69 методист, 14 дефектолог, 143 психолог, 365 музыка басшысының мийнет ҳақылары сезилерли дәрежеде арттырылады.

Бул мектепке шекемги билимлендириў системасында жумыс ислеп атырған басшы ҳәм педагог хызметкерлердиң, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиндеги тәлим-тәрбияға жуўапкер хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеўге қаратылған итибардың басламасы болып, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери педагог хызметкерлериниң талантын, кәсиплик шеберлигин жүзеге шығарыў жолында ийгиликли илажлар тағы да әмелге асырыла береди, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.