2018 –жылы 8 мыңға шамалас педагог кадрлар аттестациядан өтиўи күтилмекте.  Ҳәзирги ўақытта оқытыўшылардың категориясын қорғаў ҳәм жаңа категория бериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен ҳәр 5 жылда бир мәрте төлемли түрде белгили бир сынақлар тийкарында әмелге асырылады.

Ҳәр бир жоқары ҳәм 1-категориялы лаўазымындағы, сондай-ақ, усы категорияларға талабан педагог кадр Мәмлекетлик бюджетке ең кем ис ҳақы муғдарында төлем төлеўи быйылдан баслап енгизилмекте. Әпиўайы қәниге ҳәм жоқары категориялы оқытыўшыға төленетуғын мийнет ҳақы арасындағы парық бары-жоғы 22 процентти қураған бүгинги жағдайда бул өзгерис әдиллик нормаларына сәйкес келмей турғандай.

Республикамыздың билимлендириў саласында 481 жоқары категориялы,  1379  биринши категориялы,  3446  екинши категориялы оқытыўшылар ҳәм 2502 қәниге жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде жәрияланған мақалада Халық билимлендириў министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери ҳәзирги күнде усы мәселе бойынша тийисли усыныслар таярланып атырғаны ҳаққында мәлим еткени жазылған еди.

Бул усыныслар инабатқа алынса, мектеплерде сабақ берип атырған әпиўайы қәниге менен екинши, биринши, жоқары категориялы оқытыўшыға төленетуғын ис ҳақы арасында сезилерли дәрежеде парық болады. Жоқары тәжирийбе ҳәм жумыс стажына ийе педагогтың ис ҳақы кескин артады. Бунда директор фонды есабынан төленетуғын үстемелер улыўмаластырылады. Яғный үстемени директор белгилемейди. Сонда тәжирийбели, жақсы оқытыўшылардың абырой-итибары, қәдири жоқары болады.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.