Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының Кадрлар таярлаўдың сапасын қадағалаў, педагог кадрларды ҳәм билимлендириў мәкемелерин аттестациядан өткериў басқармасы негизинде Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, өз жумысын баслады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 18-июльдеги қарары менен жаңадан шөлкемлестирилген мәмлекетлик инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм атқаратуғын хызмети нелерден ибарат,-деген сораўымызға усы мәмлекетлик инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров төмендегише жуўап берди:

-Тийкарғы ўазыйпа, билимлендириў системасында оқыў-тәрбия процесслерин, профессор-оқытыўшылардың қурамы, кадрлар таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың сапасын қадағалаў, педагог кадрларға қәнигелик категорияларын бериў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўдан ибарат.-Ҳәкимшилик бойсыныўына ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан  билимлендириў мәкемелерин аттестациядан және аккредитациядан өткереди, оқыўшылардың, студентлердиң ҳәм тыңлаўшылардың билиминиң билимлендириў стандартларына, мәмлекетлик ҳәм қәнигелик талапларына муўапықлығын таллап, билимлендириў мәкемелериниң рейтингин анықлап барады. Мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерине лицензиялар берип, шет еллерде оқып келгенлерге берилген ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаўды шөлкемлестиреди. Республикамыз аймағында шет ел билимлендириў мәкемелериниң жумыс алып барыўына руқсат бериў ушын усынылған ҳүжжетлерди экспертизадан өткереди. Билимлендириў ҳәм илим-изертлеў мәкемелери тәрепинен берилген рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қояды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жоқарыда атап өтилген қарары менен елимиздеги, соның ишинде, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларының қурамында олардың белгиленген штатлары шеңберинде Мәмлекетлик инспекция баслығының усынысы тийкарында лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын үш хызметкерден ибарат билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими шөлкемлестирилди. Олар студентлердиң билиминиң мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапықлығын үйренип барады, таллайды, кадрлар таярлаўдың мониторингин жүргизеди және жоқары оқыў орнында ишки аттестацияны өткериўди шөлкемлестиреди. Оның жуўмағы, билимлендириўдиң сапасына тәсир еткен факторлар ҳаққында жоқары оқыў орнының ректорына ҳәм Мәмлекетлик инспекцияға усынады. Заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда орынларда билим бериўдиң ҳәм кадрлар таярлаўдың сапасы бойынша мониторинг жумысларын, бул бағдарда социаллық сораўнамалар өткерип барады.

Мәмлекетлик инспекцияның республикамыздағы аймақлық бөлиминиң шөлкемлестирилиўи билимлендириў мәкемелерине, оларда мийнет етип атырған педогог кадрларға бир қанша қолайлықлар туўдырады. Себеби, билимлендириў мәкемелери усы жердиң өзинде аттестациядан және аккредитациядан өткериледи. Лаўазым ҳәм қәнигелик категорияларына ийе болған педагог кадрларға белгиленген үлгидеги сертификатлар бериледи. Соның менен бирге, Мәмлекетлик инспекция ҳәм оның аймақлық бөлимлерине билимлендириў ҳәм илим-изертлеў мәкемелериниң басшылары тәрепинен оқыў тәрбия процеси, профессор-оқытыўшылар қурамы, кадрлар таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың сапасын қадағалаў бойынша нызам талаплары бузылған ҳалда қабыл етилген ҳәр қандай буйрық, бийлик ҳәм қарарларға әмел етилиўин тоқтатып қойыў,  аттестация жуўмағында анықланған кемшиликлер бойынша сол мәкемениң басшысына  ҳәм педагог хызметкерлерине жәрийма салыў ҳуқықы да берилген.

Өткен қысқа ўақыт ишинде аймақлық бөлим хызметкерлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, пайтахтымызда өз жумысын баслаған «Нөкис Зыяда нур» мәмлекетлик емес оқыў орайына сертификат, шет елде жоқары оқыў орнын питкерген пуқараларға дипломларын  тән алыў ҳәм нострификациялаў бойынша түсиник берилди. Буннан тысқары,  Беруний районында жаңадан шөлкемлестирилген «Ширинтой сайёраси» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң лицензия алыўы ушын мәмлекетлик инспекцияға усынатуғын ҳүжжетлерин таярлаўда әмелий жәрдем көрсетилди.

Жаңадан шөлкемлестирилген мәмлекетлик инспекцияның мақсет ҳәм ўазыйпалары туўралы толық мағлыўматты интернет тармағындағы www.tdi.uz рәсмий веб-сайтынан алыўыңызға болады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.