Елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, шаңарақларды беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Шымбай районында бүгинги күнде 113 мың  800 халық жасайды. Соның 55 мың 700ин ҳаял-қызлар қурайды.

– Районымызда жәмийетлик белсенди, басшы, халық хожалығының түрли тараўларында мийнет етип атырған исбилермен, шаңарақлық бизнес пенен турақлы шуғылланып киятырған  ҳаял-қызларымыздың қатары барған сайын көбейип бармақта. Ҳаял-қызларымыз өзлериниң бай руўхый дүньясы, ақыл-парасаты менен шаңарақта жәмийетлик-сиясий турмысымызда ылайықлы орнын ийелеп, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўде, пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўде ер адамлар менен теңдей үлес қосып атырғаны мәртебели исимиз болып есапланады, – дейди  Шымбай районы ҳәкиминин орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы       З.Ержанова. Аймақларда жынаятшылықтың  алдын-алыў, ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша ишки ислер бөлими хызметкерлери ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте ҳәр ҳәптениң 4-күни «Профилактика күни» халық пенен ушырасып, «Мениң мәҳаллемде жынаят болмаўы керек» атамасында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Район бойынша жынаят ислеген ҳаял-қызлар менен, тынышсыз шаңарақлар менен профилактикалық илажлар алып барылмақта. Оларға қәўендерлер бириктирилип, жеке сәўбетлесиўлер өткерилип, жүргизилмекте.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың медициналық саўатлылығын арттырыў, нәрестелер өлимшилигиниң алдын-алыў мақсетинде «Ана сүтиниң әҳмийети», «Балалар арасында интервал сақлаў», «35 жастан кейинги туўыўшылық»   ҳаққында медицина хызметкерлери, мәҳәлле мәсләҳәтшилери, қайин ене ҳәм келинлер арасында түсиник жумысларын алып бармақта.

Колледж ҳәм улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында «Биз жат иллетлерге қарсымыз» атамасында семинар өткерилди.

Сондай-ақ, жас шаңарақлардағы ажырасыўлардың алдын-алыў мақсетинде ҳәр бир аймақтан «Қайин енелер кеңеси» шөлкемлестирилген. Усы кеңес ҳәм жарастырыўшы комиссиялар менен биргеликте  13 шаңарақтағы ажырасыўдың алды алынды. Ата-анасының үйине кетип қалған 46 келин үйлерине қайтарылды. Шаңарақлардағы бундай келиспеўшиликлердиң баслы себеплери – жасларда «шаңарақ» түсинигиниң жоқлығы деп билемен. Олар турмысқа жеңил-желпи көзқарас пенен қарайды. Турмыстың ашшы-душшысына көнбейди. Мине, усындай 46 келин судқа шекем бармай, үйлерине қайтарылды. Оларға ақыл-нәсиятларымызды берип, ақылландырдық, – дейди районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ержанова. Сондай-ақ, 179 жумыссыз, жумыс ислеўди қәлейтуғын ҳаял-қызлар дизими ислеп шығылып, бул ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде районлық бәнтликке көмеклесиў орайы менен қоспа реже ислеп шығылды. Бүгинги күнге келип бул ҳаял-қызлардың  30дан асламының бәнтлиги тәмийинленди.

Турақ жайға мүтәж, майыплығы болған  ҳәм мийнетке жарамлылық дәрежеси шекленген ҳаял-қызларға көмек бериў бойынша жаңа система енгизилип, оған муўапық кем тәмийинленген 3 пуқараға, майыплығы болған шахсларға жумысты үйинде алып ислеў тийкарында тигиў машиналары ажыратылып, олар тәрепинен тигилген өнимлер буйыртпа тийкарында жеткерип берилиўи жолға қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги