Орайлық Азия мәмлекетлеринде тек Өзбекстанда ғана туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаўға, балалықтан майыплықтың ҳәм балалар өлимшилигиниң алдын алыўға қаратылған «Ана ҳәм бала» скрининг орайлары хызмет көрсетеди.

Қарақалпақстан Республикасындағы заманагөй медициналық үскенелер ҳәм тәжирийбели хызметкерлерге ийе Нөкис «Ана ҳәм бала» скрининг орайы тийкарынан үш бағдарда жумыс алып барады: 1) туўыўға шекемги болған дәўирде ҳәмиледе раўажланыў нуқсанының алдын алыў илажларын өткериў; 2) жаңадан туўылған нәрестелерди туўма гипотиреоз ҳәм фенилкетонурия кеселликлерине қарсы ғалаба скрининг өткериў; 3)  нәсиллик ҳәм туўма кеселликлер менен туўылғанларға ҳәм усындай перзентлери бар шаңарақларға медициналық-генетикалық мәсләҳәт бериў.

Орайда медико-генетикалық мәсләҳәт ҳәм лаборатория бөлимлери нәтийжели жумыс алып бармақта. Олар перинаталь  және неонаталь диагностикалық тексериўлерге бағдарланған «Дельфия-Виктор» көп функциялы биохимиялық анализаторы, зат алмасыўының бузылыўы менен кешетуғын нәсиллик кеселликлерди анықлаўшы «Миндрей» биохимиялық анализаторы, «Филипс» реңли, көп функциялы ультрасес аппараты ҳәм тағы басқа ең заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

«Ана ҳәм бала» скрининг бағдарламасының және бир әҳмийетли бағдары барлық тири туўылған нәрестелерден туўма гипотиреоз, фенилкетонурия кеселликлерине қарсы неонаталь скрининг тексериўлери ушын қан анализи алынады. Кеселлик анықланған балалар диспансерлик есапқа алынып, арнаўлы аўқатлық затлар ямаса тиреоид препаратлары менен турақлы түрде бийпул тәмийинленеди.

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 25-декабрьде қабыл етилген «2018-2021-жыллар аралығында балаларда туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Қарары орайдың кейинги бес жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларын белгилеп берди, – орай директоры А.Қаландарова. – Қарар бойынша район ҳәм қалалардағы поликлиникаларда перинаталь диагностика ханалары шөлкемлестирилип, республикамыздағы барлық ҳәмиледар ҳаяллардың ультрасес тексериўинен ерте өткерилиўи тәмийинленеди. Ҳәмилениң раўажланыўында нуқсан қанша ерте анықланса, сонша нуқсанлы баланың туўылыўының алды алынады. Қәўипли топарға алынған ҳәмиледар ҳаяллар биохимиялық скрининг тексериўлеринен өткериледи.

Қарарда 2018-2019–жылларда Нөкис скрининг орайы балаларда муковисцидоз нәсиллик кеселлигин ерте анықлаў, сондай-ақ, цитогенетик изертлеўлерди енгизиў ҳәм өткериў ушын заманагөй медициналық диагностика ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинленетуғыны атап өтиледи. Сондай-ақ, 2018-2022-жылларда нәрестелерди жалпы тексериў илажларын даўам еттириў ушын заманагөй анализатордың қәлиплестирилген модели менен қайта тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Президентимиздиң қарары орынланып, скрининг орайларының жумысы және де жетилистирилсе, елимиз келешеги болған балалардың саламатлығы тәмийинленери сөзсиз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы