Нөкис қаласы Ә.Шамуратов көшесинде жасайтуғын пуқара Ш.Пахратдинов ҳәр айда турақлы түрде тәбийғый газ ушын төлемлерин өз ўақтында әмелге асырып келген. Бирақ 2018-жыл 11-январь күни төлеген 194 мың сум пулы тутыныўшының есап бетине түспей қалғанлығы себепли оның хожалығында тәбийғый газден 242 мың 854 сумлық қарыздарлық пайда болған. Усы қарыздарлық себепли тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен хожалық газ тармағынан үзип кетилген. Төлемди әмелге асырған болса да, газден айырылған бул пуқара Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Мүрәжат үйренип шығылғанда бул пуқараның әмелге асырған төлеми АК Халық банки Қарақалпақстан Республикалық филиалының операциялар бөлиминдеги қәнигениң қәтелиги менен оның есап бетине түспей қалғанлығы анықланған.  Солай етип, тутыныўшының қарыздарлығы себепли келип шыққан 344 мың 480 сумлық қарыздарлық кемшиликке жол қойған банк қәнигеси тәрепинен төленген.

 

ҚХА