Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў тараўы қәнигелериниң қатнасында барлық орынларда безгек кеселлигиниң алдын алыўға бағышланған үгит-нәсият илажлары, семинарлар ҳәм ушырасыўлар болып өтпекте. Усындай семинарлардың бири пайтахтымыздың ҳәм оған жақын районлардың қәнигелери арасында да болып өтти.

Семинарда безгек кеселлигиниң этиологиясы, эпидемиологиясы, клиникасы, емлеў усыллары, диагностикасы ҳәм алдын алыў бойынша мағлыўматлар берилип, оның шеттен кирип келиўиниң алдын алыўда медицина хызметкерлериниң ўазыйпалары туўралы түсиниклер берилди. Әсиресе, шет еллерге барып келген пуқаралардың медициналық тексериўден өткерилиўи қатаң қолға алыныўы атап өтилди.

– Бүгинги күнде безгек кеселлиги дүньядағы 100 ден аслам мәмлекетте адамлардың денсаўлығына қәўип салмақта. Кеселлик негизинен Африка, Орта Азия, Латын Америкасында дизимге алынбақта. Усы кеселликке қарсы комплексли илажлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде елимизде 2005-жылдан баслап бул кеселлик пенен наўқасланғанлар саны кемейип баслады, ал          2015-2017-жылларда улыўма дизимге алынбады,-дейди Республикалық мәмлекетлик Санэпид бақлаў орайының паразитология бөлиминиң меңгериўшиси Е.Машарипова.

Усы безгек кеселлигиниң жергиликли тарқалыў жағдайлары сапластырылғанлығы себепли «Безгек кеселлиги сапластырылған мәмлекетлер» сыпатында Дүньяжүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң сертификатын қолға киргизиў ушын денсаўлықты сақлаў системасында безгек кеселлиги элиминациясын (сапластырылғанлығын) Халықаралық сертификатлаў бойынша илажлар алып барылмақта. Бул бойынша Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң  2017-жыл 22-августтағы «Өзбекстан Республикасында 2017-2021-жылларда безгек кеселлигиниң қайта тиклениўиниң алдын алыў бойынша Миллий стратегиялық Бағдарламасы» қабыл етилди.

Усы бағдардағы жумыслар еле даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.