Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўдың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, шахс, шаңарақ, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықый мәплериниң қорғалыўын күшейтиў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқараларды нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, диний экстремизмге қарсы гүресиўде ишки ислер уйымлары менен халықтың бирлигин тәмийинлеў, халқымыздың арасына тереңирек кирип барып, ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып барып атырған профилактика инспекторларын, пуқаралар жыйынларының ақсақалларын, сақшыларды, диний-ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерди, Ҳаял-қызлар шөлкемлериниң басшыларын анықлаў мақсетинде «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўында номинациялар бойынша талабанлардың жумыслары үйренип шығылып, жеңимпазлар анықланды.

Таңлаў жуўмағында Шымбай районындағы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында хызмет көрсетиўши 161-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти биринши, Нөкис қаласындағы «Темир жол» ҳәм «Берекет» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти екинши, Әмиўдәрья районындағы «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында хызмет көрсетиўши 223-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, «Ең белсенди профилактика инспекторы», «Ең белсенди мәҳәлле сақшысы», «Ибратлы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы» ҳәм басқа да номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен ылайықлы сыйлықланды.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.