«Түркистан» сарайында Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» биринши республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Елимизде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, оларды күшли социаллық қорғаў, басламалары менен идеяларын жүзеге шығарыўға жақыннан көмеклесиў, аўырын жеңиллетиў турақлы итибарда болып қалмақта.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен елимиз ҳаял-қызларының идеяларын, жойбарларын, қолланбаларын әмелиятқа енгизиўге ҳәр тәреплеме көмеклесиў, илим, билимлендириў, экономика, социаллық тараўдың түрли тармақларында мийнет етип атырған апа-сиңлилеримиздиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Бул бағдардағы әмелий жумыслардың нәтийжесинде «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» таңлаўы шөлкемлестирилип, онда өзиниң техникалық жойбарлары, рационализаторлық усыныслары, инновациялық қолланбаларын әмелиятқа енгизиў тилегинде болған илимпазлар, докторлар, қәбилетли студентлер ҳәм оқыўшы қызлар, ойлап табыўшылар, рационализатор, инженер, конструктор, бағдарламашы, шыпакер, исбилермен ҳаял-қызлардың излениўлери ҳәр тәреплеме үйренилди.

Пайтахтымыздағы Турин политехника университетинде усы жыл 6-7-февральда болып өткен илажда олардың жумысы менен ҳәр тәреплеме танысыў, жаңалықлардың өзине тәнлигине, абзаллығына байланыслы илимий-изертлеўлерде қатнасыў имканияты жаратылды. Бул таңлаў елимиз ҳаял-қызларының қәбилетин, изленисин, тапқырлығын, исбилерменлигин, епшиллигин және бир мәрте кең жәмийетшиликке көрсетти. Қолланбалар медицина, билимлендириў, алдынғы технологиялар, исбилерменлик, аўыл хожалығы, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да көплеген тараўларды қамтып алған.

– Бул таңлаўға қатнасыўдың өзи үлкен мақтаныш, – дейди Ташкенттеги Турин политехника университетиниң студенти Насиба Исломбоева. – Себеби, онда илим, инновациялық технологиялар, исбилерменлик бойынша изленип атырған ҳаял-қызлардың қолланбаларынан олар мийнет етип атырған кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысынан ҳәр тәреплеме хабардар болыў имканияты жаратылды.

Республикалық экспертлер кеңеси тәрепинен қолланбалардың жаңалығы, мазмун-мәниси, экономикалық, руўхый-ағартыўшылық нәтийжеси, әҳмийети сыяқлы тәреплерине тийкарғы итибар қаратылды. Ең жақсы жойбар ҳәм идеялардың авторларына диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева шығып сөйледи.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы