Усы жыл 3-5-март күнлери Нөкис қаласындағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Кураш федерацисы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң шөлкемлестириўинде 8-март -Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына бағышлап 1998-2000-жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында кураш бойынша Қарақалпақстан чемпионатын өткериў режелестирилмекте.

Жарыс халықаралық Кураш қағыйдасына муўапық алып барылады. Онда ер балалар 55 кг, 60 кг, 66 кг, 73 кг, 81 кг, 90 кг, 100 кг салмақ категорияларында, ал қызлар 48 кг, 52 кг, 57кг, 63 кг, 70 кг салмақ категорияларында қатнасып, гилемде өз-ара күш сынасады.

Жарыста 1-2-3-орынларды ийелеген жеңимпаз спортшылар Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдары 2-басқыш студенти