Елликқала районы, Бостан қаласы, Айбек көшеси 56-жайда жасаўшы Қутыбаев Төренияз жер участкасы атызынан усы жылы 27-январь күни үлкен гүзе таўып алады.

Жаңалықтан хабар тапқан қәнигелер тарийхый табылманы көзден өткерди: табылған гүзе XII-XIII әсирлерге тийисли болып шықты.

Фото: Атыздан табылған гүзе

Бул биринши жағдай емес. Бостан қаласының турғынларының өз жер участкасы атызларында, басқа да орынларда қурылысларға байланыслы жүргизилген қазыў жумыслары пайытында археологиялық материаллар шығып турғанының бирнеше рет гүўасы болдық, – дейди Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғайратдин Хожаниязов. Елликқала районы аймағы халық арасында елиў қала жайласқан деп айтылады. Шынында да бул аймақта бир ўақытлары елиўден аслам естеликлер болған. Бүгинги күни районның 21 археологиялық естелиги мәмлекетлик есапта турыпты. Солардың айрымлары Бостан қаласы территориясында жайласқан. Олардан бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлерден XII-XIII әсирлерге тийисли болған 1-Қабатқала ямаса Үлкен Қабатқала ҳәм XII-XIII әсирлерге тийисли 3-Қабатқала естеликлери сақланған. Ал, 2-Қабатқаланың бирқанша ҳәўлилери бузылып кеткен.

Бул табылма ҳәзирги күни район орайындағы С.П.Толстов атындағы музейге тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги