Қарақалпақстан Республикасында өткен жылы 58 жас өспирим жол транспорт ҳәдийсесинде жәбирленген болса, солардың 42 си мектеп жанында сабаққа баратырып ямаса қайтып киятырып айрықша жағдай қатнасыўшысына айланған. Усыған байланыслы үлкен автомобиль жолларына жақын жерде жайласқан Нөкис қаласындағы 44 улыўма орта билим бериў мектебинде жолдан оқыўшыларды өткериўши  нәўбетшилер дизими шөлкемлестирилди. Соған қарамастан, быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде бундай жағдайлардың жүз бериўи 2017-жылға салыстырғанда, және бир неше есеге артқаны мәлим болды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Билимлендириў министрлигиниң Ишки Ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы менен бирликте өткерген мәжилисинде хабар етилди.

 

2015-жылы 265, 2016-жылы 340, ал, 2017-жылы 476 жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Олардың 50 проценттен асламы жас балалар ҳәм пиядалардың, 10 проценти велосипед басқарыўшыларының қатнасыўында болған. 

Мәжилисте оқытыўшылардың нәўбетшилик пенен байланыслы машқалалары, пикир-усыныслары тыңланып, нәўбетшилик ўақты белгилеп алынды, оларға басқарманың исеним телефонлары берилди. Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министрлиги жанында нәўбетшилердиң жумысын қадағалайтуғын жумысшы топар шөлкемлестирилетуғын болды.

Бундай илажлар республикамыздың барлық аймақларында өткерилиўи режелестирилмекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы