Нөкис қаласы «Шымбай шайхана» Мәкан пуқаралар жыйыны имаратында көшпели ашық суд мәжилиси болып өтти. Онда айыпкер Ю.Тулегеновтың иси ашық түрде көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

1987-жылы туўылған пуқара Ю.Тулегенов автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлери болмаўына қарамастан, усы жылдың 20-январь күни пуқара Г.Туреевке тийисли болған «Нексия» маркалы автомашинаны ҳеш қанадай ҳүжжети, исеним хаты, қамсызланырыў полиси болмастан, мәс ҳалда Нөкис қаласы «Өзбекстан» гүзары бойлап басқарып киятырғанда Жол патруль хызметкери тәрепинен иркиледи ҳәм тийисли орынлардан медициналық көриктен өткериледи.

Суд мәжилисинде Ю.Тулегенов өз айыбын мойынлап, ислеген ҳәрекетлерине пушайман екенин билдирип, өзине жеңил жаза қолланылыўын сорайды.

Кең жәмийетшилик қатнасыўындағы көшпели судта Ю.Тулегеновқа ҳуқықбузарлықлары ушын ең кем мийнет ҳақының 4 есеси муғдарында жәрийма жазасы, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 34-статьясына тийкарланып жеңилирек жазаны аўырлаў түри менен қаплаў жолы арқалы үзил-кесил 8 суткаға қамақ жазасы тайынланды.

Мәҳәлле, кәрхана, шөлкемлерде усындай суд мәжилислерин өткериў жолға қойылғаны судьялар тәрепинен халық пенен ашық-айдын пикирлесиўдиң шөлкемлестирилип атырғанының дәлийли болып табылады.

 

Қараалпақстан хабар агентлиги