Фото: Аралда артемия цисталары усылай жыйналады

Ҳәзирги күнде республикамызда Арал теңизинен артемия цисталарын жыйнап алып, сатыў менен шуғылланатуғын оннан аслам фирма ҳәм кәрханалар бар. Оларды балықшылық пенен шуғылланатуғын бир қатар еллер сатып алады. Өзимиздеги шабақ өршитиўши кәрханаларға да жеткерип берилмекте.

– Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-августтағы «Артемия цисталарын жыйнап алыўға руқсатнама бериўди тәтипке салыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 614-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қолай шараятлар жаратыў мақсетинде комитет тәрепинен бир қатар илажлар алып барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторы Ә.Якубов. Тәбияттан пайдаланыўшы мәкемелерге ҳәм исбилерменлик субъектлерине руқсатнама бериў ушын руқсатнама бланкалары ҳәм маркалары ислеп шығылды.

Фото: Аралда артемия цистасын жыйнаў пайты

Мойнақ районында артемия цисталарын жыйнап алыў ҳәм қайта ислеў менен шуғылланатуғын тәбияттан пайдаланыўшы мәкеме ҳәм исбилерменлик субъектлериниң асоциациясы шөлкемлестирилди.

Өткен жылдың сентябрь айынан усы күнге шекем Арал теңизинен артемия цисталарын жәми 270 тоннаға шекем жыйнап алыўына руқсатнама берилген 8 мәкеме ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен жәми 249,5 тонна артемия цисталары жыйнап алынды. Соның өзи усы кәрханаларға  бир неше миллиард сумлық пайда келтириўи мүмкин.

Еслетип өтемиз, алдыңғы мақалаларымызда Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде оның қалдық суўларында пайда болған артемия цисталары (бақашанақ ямаса уўылдырық) шабақ өсириўде пайдаланылатуғын басқа жемтиклерге қарағанда анағурлым пайдалы екенлиги анықланғанлығы туўралы мағлыўмат берген едик.

Сонлықтан, усы күнге шекем шабақлардың личинкаларын өсириўде өзинде аминокислоталардың, витаминлердиң, микроэлементлердиң, ферментлердиң, майлы кислоталардың бир пүтин комплексин жәмлеген, жемтик есабында пайдаланыўға болатуғын ең перспективалы тири организмниң бири бул Арал теңизиниң қурымай турған бөлегинде жасаўшы артемия жәнлигиниң цистасы (уўылдырығы) болып есапланады.

Артемия цисталары ҳәзирги күнде Қытай, АҚШ, Россия, Қазақстан, Монголия ҳәм Иран мәмлекетлериниң дузлы көллеринде жетистирилмекте.

Өзбекистанда болса тек Арал теңизинде ушырасады. Ол еле толық көбейип үлгермегенлиги ушын тек теңиздиң жағаларынан жыйнап алынады.

Бул жәнликлерди қорғаў, артықша жыйнап алыныўына жол қоймаў мақсетинде комитет тәрепинен тийисли қадағалаў илажлары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги