Балықшылық тараўын раўажландырыўда олардың уўылдырығынан жасалма түрде шабақларды пайда етип, оларды өсириў ҳәзирги күндеги усы тараўдағы шешимин тапқан мәселелердиң бири болып есапланады. Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде оның қалдық суўларында пайда болған артемия цисталары (бақашанақ ямаса уўылдырық) шабақ өсириўде пайдаланылатуғын басқа жемтиклерге қарағанда анағурлым пайдалы екенлиги анықланды.
Себеби, шабақлардың личинкаларының тез өсиўин тәмийинлеўге, сондай-ақ, олардың көпшилигиниң аман сақланып қалыўына еристириўши, барлық талапқа жуўап беретуғын жасалма жемтик түри елеге шекем ойлап табылмаған.
Сонлықтан, усы күнге шекем шабақлардың личинкаларын өсириўде өзинде аминокислоталардың, витаминлердиң, микроэлементлердиң, ферментлердиң, майлы кислоталардың бир пүтин комплексин жәмлеген тири организмлер елеге шекем актуал болып келмекте.
Соннан жемтик есабында пайдаланыўға болатуғын ең перспективалы тири организмниң бири бул Арал теңизиниң қурымай турған бөлегинде жасаўшы артемия жәнлигиниң цистасы (уўылдырығы) болып есапланады.
АРАЛ ТЕҢИЗИНДЕ АРТЕМИЯ ҚАЛАЙ ПАЙДА БОЛДЫ, ОЛ ҚАНДАЙ ЖӘНЛИК?
Мағлыўматларға қарағанда, Арал теңизи суўының ҳәр бир литринде өткен әсирдиң 60 шы жылларында 10-12 грамм муғдарында дуз бар еди. Оның қурып барыўы менен дузлылығы да артып барды. Океан суўындай ашшы суўға айланған дәўирлерде жергиликли балықлар қырылып кеткенлиги себепли, оған камбала сыяқлы ҳәр қыйлы океан балықлары алып келинди. Ҳәр бир литриндеги дузлылық 50 граммнан асқаннан кейин барлық балықлар қырылып кетти. Ҳәзирги ўақытта оның дузлылығы 160 грамм/литр әтирапында.
Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде усы артемияларды микроскоптан көрип ҳайран қалдым. Ол жердеги ең дәслепки пайда болған дәўирлерге тийисли жәнликлерге усайды екен. Ол елеге шекем мутацияға ушырамай, өзгериссиз киятырған ең ески ҳәм әпиўайы организмлердиң бири. Оны тек микроскоп арқалы көриў мүмкин.
Артемиялар жер жүзинде тийкарынан холорлы, сульфатлы, карбонатлы, суўының ҳәр бир литринде 300 граммға шекем дузы бар ашшы суўларда ушырасады екен. Олар микроводоросллер, бактериялар менен азықланады.
Арал теңизиндеги артемиялар тийкарынан урғашы, бирақ олар онысызда өз-өзинен көбейиў қәсийетине ийе.
АРТЕМИЯ ЦИСТАЛАРЫНЫҢ ӨНДИРИСИ
«Ҳәзирги күнде республикамызда Арал теңизинен артемия цисталарын жыйнап алып, сатыў менен шуғылланыўшы оннан аслам фирма ҳәм кәрханалар бар. Оларды балықшылық пенен шуғылланыўшы бир қатар еллер сатып алады. Өзимиздеги шабақ өршитиўши кәрханаларға да жеткерип берилмекте.
Артемия цисталары ҳәзирги күнде Қытай, АҚШ, Россия, Қазақстан, Монголия ҳәм Иран мәмлекетлериниң дузлы көллеринде жетистирилмекте.
Өзбекистанда болса тек Арал теңизинде ушырасады.
Республикамызда бул тараў 2010-жыллары раўажлана баслады. Артемия цисталарын таза түринде алыў мүмкиншилиги жоқ. Дәслеп, теңизде қалқып турған биомасса жыйнап алынады. Ол еле толық көбейип үлгермегенлиги ушын тек теңиздиң жағаларынан жыйнап алынады.
Цисталардың орташа диаметри 235,5 микромиллиметр. Оны тек микроскоп арқалы көриў мүмкин. Артемия цисталары жыйнап алынғаннан кейин, арнаўлы таярланған ҳәўизшеге суў қуйылып, белгили температураға келтирилип, личинкалары пайда етиледи. Мине усы личинкалар балық личинкалары ушын азық сыпатында пайдаланылады. Оның әҳмийетлилиги сонда, әпиўайы жемтиклер менен бағылған балық личинкаларының 50 процентке дейингиси тири қалып өсип-өнетуғын болса, артемия личинкалары менен азықланған балық личинкаларының 90 проценттен асламы ҳеш қандай кеселликсиз өнип-өседи.
Ҳәзирги күнде Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен артемиялардың жасаў шараятларын, жағдайын, өндирислик дәрежесин үйрениў бойынша жумыслар алып барылмақта»,-дейди усы бөлимниң Ҳайўанлар экологиясы лабораториясы, балықлар экологиясы топарының үлкен илимий хызметкери А.Мусаев.
Әлбетте, бул бағдардағы жумыслар еле даўам етеди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы