Төрткүл районындағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов пенен ушырасыў болып өтти.

Илажды район ҳәкими Н.Худайбергенов басқарып барды.

Жыйналыста академик Акмал Саидов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын және бурынғы Өзбекстан аўыл хожалығы илимлери академиясының ҳақыйқый ағзалары ҳәм хабаршы ағзаларының жумысын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманларының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жоқарыдағы Пәрманға муўапық Илимлер академиясының ҳақықый ағзаларының мийнетлери ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы менен  бирге, олардың алдына айрықша ўазыйпалар да жүкленбекте. Соның ишинде, быйылғы жылға тастыйықланған «Жол карталары»на муўапық, елимиздиң ең шетки аймақларына шығып, халық пенен, соның ишинде жаслар менен көбирек ушырасыўлар өткериў белгиленген. Бундағы тийкарғы мақсет  заманагөй илим жетискенликлерин орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў, илимий мектеплерди раўажландырыў, қәбилетли жасларды илимий жумысқа тартыўдан ибарат.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усындай ушырасыў Төрткүл банк колледжинде болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.