онда физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын бир қатар жаңа қолайлықлар менен имканиятлар берилмекте

Елимизде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәмлекетлик уйымларға арза, шағым ҳәм усыныслар менен мүрәжат етиўи бойынша конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыў бойынша барлық имканиятлар жаратылған. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық мүрәжатлар менен ислесиўдиң сапа жағынан жаңа ҳәм нәтийжели системасы жаратылды. Бул системаның тийкары болған Президент Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары тиккелей мәмлекет басшысына мүрәжат етиўдиң, халық пенен турақлы пикирлесип барыўдың, адамларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўдиң тәсиршең механизмине айланды. Президент Виртуал қабыллаўханасына өткен қысқа дәўирде 1 миллион 600 мыңнан аслам мүрәжат келип түскени де буны айқын дәлиллейди.

Бул, бир жағынан, халқымыздың мәмлекетлик ҳәкимиятқа ҳәм нызам үстинлигине болған исеними барған сайын артып атырғанынан дәрек берсе, екиншиден жәмийетимизде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары нәтийжели енгизилип атырғаны, адамлар жаратылып атырған имканиятлар менен қолайлықлардан өзиниң күнделикли турмысында дурыс ҳәм мақсетли пайдаланып атырғанын көрсетпекте.

Әлбетте, өмир бир жерде тоқтап турмайды. Әсиресе, мәлимлеме-коммуникация технологиялары тез пәтлер менен раўажланып атырған бүгинги жылдам дәўирде гөзленген мақсетлерге ерисиў жолында илим ҳәм техниканың жетискенликлеринен кеңнен пайдаланыў халыққа жаңа және қосымша қолайлықларды жаратыў имканиятын береди. Усы мәнисте, өткен дәўирде мүрәжатлар менен ислесиў системасында топланған үлкен тәжирийбе ҳәм өткерилген терең талқылаўлар, пуқараларымыздың бул бағдардағы пикир-усынысларынан, талаплары менен тилеклеринен келип шыққан ҳалда Виртуал қабыллаўхананың бағдарламалық системасын буннан былай да жетилистириў үстинде жумыс алып барылды. Себеби, 2017-жыл 11-сентябрьде жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекистан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамында да мүрәжат етиўшилер ушын қосымша қолайлықлар жаратыў нәзерде тутылған еди. Сол тийкарда Президент Виртуал қабыллаўханасының бағдарламалық системасының жаңа версиясы ислеп шығылды ҳәм 1-февраль күни тест режиминде иске түсириледи. Сайттың мәнзили өзгермеген pm.gov.uz. . Бунда «pm» қысқартылған сөз болып  – «Президентке мүрәжат» дегенди аңлатады.

Мүрәжат жибериў түри де өзгермеген: Мүрәжатларды 0-800-210-00-00 ямаса 10-00 қысқа номерлерине қоңыраў етиў, pm.gov.uz. мәнзилиндеги арнаўлы мүрәжат формасын толтырыў арқалы ямаса Халық қабыллаўханаларына барып жибериў мүмкин.

Виртуал қабыллаўхананың жетилистирилген версиясында енгизилген тийкарғы жаңалықлар болса төмендегилерден ибарат.

Пуқара Виртуал қабыллаўханада өзиниң жеке кабинетин ашыўы мүмкин

Президент Виртуал қабыллаўханасының жаңа версиясында мүрәжат етиўши өзиниң қәлеўи менен, жеке кабинет ашыўы мүмкин. Бул ушын физикалық шахс дизимнен өтиў процесинде пуқаралық паспортында көрсетилген жеке идентификация санын киргизиўи керек. Бул – мүрәжат етиўши ушын идентификациялаў (электрон гүўалық) имканияты болып, үлкен қолайлылық жаратады.

«Пуқаралардың жеке кабинети» модулинен гөзленген мақсет – пуқараларға Виртуал қабыллаўхана системасында ислеўде максимал қолайлықлар жаратыў, белгили бир шахстың мүрәжаты менен байланыслы жазысыўларды бир жерге жыйнаўдан ибарат.

Виртуал қабыллаўхана системасында пуқаралар киргизген мағлыўматларда (исми-шәрипи, туўылған жылы, жасайтуғын мәнзили ҳәм тағы басқа) ҳәр қыйлы қәтеликлер ушырасып турады. Нәтийжеде, айтайық, бир шахс жиберген бир неше мүрәжатлар тарийхын өз-ара байланыслылықта үйрениўде қыйыншылықларға дус келетуғын еди. Мүрәжат етиўши билип-билмей өзи ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиўде қәтеге жол қойса, системада буны анықлаў механизми жоқ.

Усы ўақытқа шекем ҳәр бир мүрәжатты табыў ушын оның номерин, мүрәжатшының толық исм-фамилиясы, мәнзили, мобиль телефон номерин базаға киргизип излеў керек еди. Мүрәжат етиўшилер ушын өзиниң барлық мүрәжатларының ҳәрекетин бир жерде көриўдиң илажы жоқ еди. Мүрәжат етиўшилер болса бир мәселедеги түрли мүрәжатларды ҳәм оларға жолланған жуўапларды, әдетте, қағазға басып шығарылған тәризде сақлайды. Булардың барлығы мүрәжат етиўшилер ушын да, мүрәжатлар менен ислесиўде де қолайсыз, артықша ўақыт ҳәм күш жумсаўды талап етип киятырған еди.

Усы ўақытқа шекем мүрәжат етиўшилер жаңа мүрәжат жибериўде персонал мағлыўматларды қайтадан киргизиўи лазым еди. Енди мүрәжат етиўши өзиниң мүрәжатын жеке кабинетине кирип, персонал мағлыўматларды бир мәрте киргизсе, болды – кейинги барлық әмеллерди орынлаўда усы мағлыўматлар системаға автомат тәризде жүкленип бара береди. Мүрәжат жибериў ушын ҳәр сапары персонал мағлыўматларды жаңадан киргизиўге зәрүрлик қалмайды.

Өз гезегинде арза, шағым ҳәм усыныслардың пуқаралардың жеке паспорт мағлыўматлары менен тастыйықланыўы мүрәжат етиўшилердиң шахсын анықлаўдың исенимлилигин тәмийинлейди. Жеке кабинет арқалы шахстың мәмлекетлик уйымлар менен болып өткен барлық жазысыўлары (барлық мүрәжатлар ҳәм жуўап хатлары) бир жерде, қолай тәртипте жәмленеди ҳәм керекли мүрәжаттың жуўабын излеп табыў аңсатласады.

 

Көп берилетуғын сораўларға толық жуўаплар

Виртуал қабыллаўханада «Көп берилетуғын сораўлар» бөлими шөлкемлестирилди. Буннан гөзлеген тийкарғы мақсет мүрәжат етиўшилерге өзин қызықтырған сораўға рәсмий мүрәжат етпей турып та жуўап алыў имканиятын жаратыўдан ибарат.

Талқылаўлар пуқараларымыз тәрепинен белгили бир тараў ямаса тема бойынша улыўма характердеги ҳуқықый мәлимлеме ҳәм ҳуқықый мәсләҳәт алыў ушын да мүрәжат жибериў жағдайлары көп екенин көрсетпекте. Олар керекли мағлыўматты алыў ушын белгили бир мүддетке шекем күтиўге туўра келген, мәмлекетлик уйымлар болса және бир мазмундағы жуўап талап ететуғын көп санлы мүрәжатларға айрықша жуўап жоллаўға мәжбүр болып атырған еди.

Усы мүнәсибет пенен пуқаралардың мүрәжатларын талқылаўдың нәтийжесинде көп берилген сораўлар анықланып, олардың жуўаплары әпиўайы ҳәм түсиникли тилде көрсетилип, арнаўлы бөлимде жәмленеди. Онда турақ жай, социаллық қорғаў, исбилерменлик ҳәм банк жумысы, өндирис, сертификатлаў ҳәм лицензиялаў, ветеринария хызметлери, салықлар ҳәм жәриймалар, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары, транспортқа байланыслы ҳәм ҳуқықый мәселелер, билимлендириў, илим ҳәм мәденият, мийнет ҳәм халықтың бәнтлиги, сондай-ақ, жәмийетлик турмыстың басқа да түрли мәселелерине байланыслы сораўларға жуўаплар бар. Керекли сораўға жуўапты гилт сөзлер жәрдеминде излеп табыў имканияты да жаратылған.

Арнаўлы статистика модули арқалы қайсы сораўлардың жуўабы ең көп оқылғанын талқылаў мүмкин. Ең көп танысып шығылған тема автомат тәризде жоқары дәрежеге көтерилип бара береди.

Жаңа бөлим мүрәжат етиўшини қызықтырған сораў көп берилетуғын сораўлар қатарына кирсе ҳәм оның жуўабы белгили болса, оны мүрәжат жолламай да табыў имканиятын беретуғыны менен әҳмийетли болып табылады.

Портал арқалы онлайн режиминде ҳуқықый мәсләҳәт алыў мүмкин

Виртуал қабыллаўхананың жаңа бағдарламалық системасында пуқараларға қолайлы болған тәризде түрли машқалалар ҳәм мәселелер бойынша қәнигели юридикалық жәрдем берилиўин тәмийинлейтуғын «Онлайн мәсләҳәтши» модули жаратылды. Бул модуль «Көп берилетуғын сораўлар» бөлими менен байланыслы түрде ислейди.

Онда түрли тармақлар ҳәм жумыс тараўлары бойынша мәсләҳәтши сыпатында тартылған маман қәнигелер физикалық ҳәм юридикалық шахсларға реал ўақыт режиминде мәсләҳәт берип барыўы ҳәм бул хызмет усы жыл 15-февральдан баслап тест режиминде иске қосылыўы нәзерде тутылған.

Жоқарыда атап өтилгениндей, мүрәжатлардың үлкен бөлегин ҳуқықый мәлимлеме ямаса мағлыўмат алыў мақсетинде жиберилген мүрәжатлар қурайды. Пуқаралардың турмыста ушырасатуғын түрли мәселелерде ҳуқықый мәсләҳәт алыў ушын да Виртуал қабыллаўханаға мүрәжат ететуғын ҳәм мүрәжат көрип шығылып, жуўабы мүрәжат етиўшиге жетип барғанға шекем бираз ўақыт талап етилетуғын еди.

«Онлайн мәсләҳәтши» хызмети Виртуал қабыллаўхана арқалы сораў жиберип, онлайн режиминде юридикалық мағлыўматқа ийе болған қәнигелерден тез ҳуқықый мәсләҳәт алыў имканиятын бермекте. Енди анаў ямаса мынаў мәсәле бойынша ҳуқықый мәлимлеме алыў ушын бир неше күн жуўап хаты келиўин күтиў зәрүрлиги қалмайды. Бул, өз гезегинде, порталда дизимге алынып атырған, тек ғана ҳуқықый мағлыўмат алыў нәзерде тутылған мүрәжатлар санының қысқарыўына, мәмлекетлик уйымларда басқа да түрдеги мүрәжатлар менен ислесиў сапасының артыўына хызмет етеди. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықый мағлыўмат алыўға болған зәрүрликлери жедел түрде тәмийинлениўине ерисиледи. «Онлайн мәсләҳәтши» модули арқалы көп берилетуғын сораўлар турақлы талқыланып, сол тийкарда «Көп берилетуғын сораўлар» бөлими толықтырылып барылады.

Мәмлекетлик уйымлардың басшыларына Президент Виртуал қабыллаўханасы арқалы да мүрәжат етиў мүмкин

«Министрлик ҳәм ведомстволар басшыларының пуқараларды қабыл етиў кестелери ҳәм оларға мүрәжат жоллаў» модули енгизилди. Буның менен pm.gov.uz. мәнзилинде барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли ҳәкимликлер басшыларының пуқараларды қабыл етиў кестелери бирден-бир базаға жайластырылды. Яғный мәмлекетлик уйымлар басшыларының пуқараларды қабыллаўға байланыслы мағлыўматлары – қабыллаў күнлери, ўақты, тийисли телефон номерлери, электрон почта мәнзиллери, мәмлекетлик уйымының мәнзили ҳаққындағы мағлыўмат бир жерде топланды.

Айырым жағдайда физикалық ҳәм юридикалық шахслар өзлерин қызықтырған мәселе ушын қайсы мәмлекетлик уйым жуўапкер екени туўралы жеткиликли билимге ийе болмайды. Сонлықтан бул модульде айрықша «Функция ҳәм ўазыйпалар» бөлими шөлкемлестирилип, мәмлекетлик уйымлардың нызам ҳүжжетлерине муўапық функциялары менен ўазыйпалары ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыў имканияты жаратылды.

Ҳәзир түрли буўындағы басшылардың Виртуал қабыллаўханаларға мүрәжат жоллаў тәризи ҳәр қыйлы болып, олардың рәсмий веб-сайтларында бул ҳаққында жәрияланған. Бирақ оларды излеп табыўда нақолайлықлар бар. Соннан келип шығып, пуқараларға портал базасында өзиниң мүрәжатларын тиккелей тийисли мәмлекетлик уйымларға жибериў имканиятын бериў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар басшыларының жеке Виртуал қабыллаўханаға мүрәжат жоллаў түри бир жерге топланды. Әҳмийетли тәрепи сонда, бундай усылда жолланған мүрәжатлар менен ислесиў процеси де турақлы түрде қадағаланып барылады.

Халық қабыллаўханалары ҳаққындағы барлық мағлыўмат пенен портал арқалы да танысыў мүмкин

«Халық қабыллаўханаларының мәнзиллери» бөлиминде Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болыў мүмкин. Барлық Халық қабыллаўханаларының мәнзили, телефон номерлери, электрон почтасы, геолокация мағлыўматлары ҳәм басқа да пайдалы материаллар қолайлы тәртипте берилмекте. Пуқаралар ҳәм исбилерменлер керекли Халық қабыллаўханасы ҳаққындағы мағлыўматты Өзбекистан интерактив картасы арқалы табыўы мүмкин. Өз алдына алынған Халық қабыллаўханасының жайласқан мәнзили онлайн картада ямаса жердиң жасалма жолдасынан сүўретке алынған карта режиминде көрсетилген.

Мәҳәлеңизди көрсетиң ҳәм машқалаларды шешиўге үлес қосың

Виртуал қабыллаўхананың жаңа версиясында пуқара мүрәжат етиў процесинде өзи жасап атырған мәҳәллени де көрсетип өтиўи ушын имканият жаратылды. Бул машқалаға шешим табыў дәрежесин және де арттырады. Усы жол менен мүрәжатта көтерилген машқала белгили аймақтағы қайсы секторға тийисли екени анықланады. Ҳәзирги ўақытта аймақларды жедел социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар аймағында қандай машқалалар бар екенин онлайн талқылаў, оларды комплексли шешиў ушын жақын ҳәм орта келешекке мөлшерленген анық илажлар, «жол карта»ларын ислеп шығыў имканиятлары кеңеймекте.

Қуўдалаў болса, жедел хабар бериў мүмкин

Виртуал қабыллаўханадағы және бир жаңалық – мүрәжат етиўшилердиң ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мақсетинде «Қуўдалағаны ҳаққында хабар» модули енгизилгени болды. Егер кимде-ким арза ямаса шағым менен мүрәжат еткени себепли қуўдалаўға ушырайтуғын болса, бул туўралы арнаўлы түйме арқалы жедел хабар бериў мүмкин. Бундай хабарлар ҳуқық қорғаў уйымларын тартқан ҳалда биринши гезекте ҳәм жедел түрде көрип шығылады.

Мүрәжат ҳәм жуўапкершилик

Енди порталда пуқаралар өз мүрәжатын жибериўден бурын мүрәжат жибериў қағыйдалары менен танысқанын ҳәм бул бағдарда нызамда белгиленген жуўапкершилиги ҳаққында хабардар екенин тастыйықлайтуғын белги қояды. Бул мүрәжат етиўшилердиң де жуўапкершилигин күшейтиўге, мүрәжаттың мәдениятын арттырыўға түртки береди.

Усы ўақытқа шекем айырым мүрәжат етиўшилер тәрепинен мүрәжат жоллаў процесинде басқа шахсларға тийисли болған ямаса улыўма жоқ болған телефон номерин көрсетиў, басқа пуқаралардың атынан мүрәжат жоллаў жағдайлары ушырасып туратуғын еди. Ҳәр бир мүрәжатты көрип шығыў белгили бир ўақытты ҳәм ресурсларды талап ететуғынын, анық мақсетсиз мүрәжат ушын жумсалған ўақытты басқа тийкарлы арза ямаса шағым ислеўге жиберген ҳалда машқаланы шешиў пуқаралары ушын да, жәмийетимиз ушын да ҳәр тәреплеме пайдалы екенинен келип шығып, жаңа системада мобиль телефон номерин тастыйықлаў механизми енгизилди.

Бунда мүрәжат етиўши арнаўлы мүрәжат түрине өзиниң мобиль телефон номерин киргизеди. Буннан кейин мүрәжат етиўшиниң мобиль телефонына бир мәртелик пароль СМС-хабар тәризинде жибериледи. Нәтийжеде ҳәм мүрәжаттың анықлығы менен исенимлилиги артады, ҳәм мобиль телефон нормери тастыйықланады. Бул барлық мәмлекетлик уйымлардың виртуал қабыллаўханалары жумысына да енгизиледи.

Усы ўақытқа шекем пуқаралар ҳәм исбилерменлер өз мүрәжатлары көрип шығылыўының ағымдағы жағдайын қәлеген ўақытта базаға арнаўлы номерди киргизиў жолы менен тексерип көриў имканиятынан пайдаланып киятырған еди. Жаңа версиядағы системада мүрәжаттың қабыл етилгени ҳәм қадағалаўдан шешилгени ҳаққында тастыйықланған мобиль телефон номерине СМС-хабарнама жиберилиўи жолға қойылмақта.

Жаңалықлардан хабардар болып барың

Виртуал қабыллаўхананың жаңа версиясында мәмлекетлик уйымлардың мүрәжатлар менен ислесиў тараўындағы жумысы, унамлы шешилген мәселелер, Виртуал қабыллаўхана ҳәм Халық қабыллаўханалары менен және де кеңирек танысыў имканияты жаратылды. Порталға келип түскен ҳәм көрип шығылған мүрәжатлардың улыўма санын, статистикалық мағлыўматларды реал ўақыт режиминде бақлаў имканияты бар.

Бир сөз бенен айтқанда, Виртуал қабыллаўхананың жаңа версиясы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға нәтийжели мәлимлеме, интерактив хызметлерди усыныў менен бирге, пуқаралардың мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў механизмлеринен пайдаланыў имканиятын ҳәм қолайлылық дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА