Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан–ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыўда базар қатнасықларын тереңлестириў мақсетинде:
- Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң:
2021-жыл 1-октябрьден баслап цемент (клинкер) ислеп шығарыўшылар ушын пайда салығының ставкасын 20 проценттен 15 процентке шекем төменлетиў;
2022-жыл 1-январьдан баслап цемент ислеп шығарыўға мөлшерленген 1 тонна ҳәк тас ушын жер майданынан пайдаланғаны ушын салық ставкасын еки есе азайтқан ҳалда 22 500 сум муғдарында белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы қарардан келип шығып, «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 31-август