Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Жасларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, олардың бәнтлигине жәрдемлесиў, исбилерменлик идеясы ҳәм басламаларын хошаметлеў, олардың мүнәсип дәрамат алыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў, бул бойынша алып барылып атырған жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Жасларды исбилерменликке тартыў, оларды турақлы жумыс пенен бәнт етиў, қосымша дәрамат алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша төмендеги тәртип енгизилсин, оған муўапық:
а)2021-жыл 1-майдан баслап:
2023-жыл 1-январьға шекем жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплер буған кирмейди) олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасы Мәмлекетлик бюджеттен толық қайтарып бериледи. Онда, социаллық салық суммасы жас хызметкерлер алты ай даўамында үзликсиз жумыс ислеўин әмелге асырыўы шәрти менен жетинши айдан баслап қайтарылады;
«Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын базалық есаплаў муғдарының 40 есесинен көп болмаған муғдарда «Жаслар дәптери» қорлары есабынан субсидия ажыратылады;
«Жаслар дәптери»не киргизилген жумыссыз жасларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик мүлкти ижараға алыўда ижара төлемлеринен 1-қосымшаға муўапық жеңилликлер бериледи;
б) 2021-жыл 1-июньнен баслап:
«Жаслар дәптери»не киргизилген исбилерменлик жумысын баслаў ушын имарат ҳәм объектлерди ижараға алған жас исбилерменлерге бир жыллық ижара қәрежетлериниң 30 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекемги муғдары «Жаслар дәптери» қорларының есабынан компенсацияланады;
профессионал билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырған «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға олар өндирислик ямаса хызмет көрсетиў кәрханаларында әмелият өтеген ўақтында, бирақ алты айдан көп болмаған мүддетте профессионал билимлендириў шөлкемлери тәрепинен Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында ҳәр айлық субсидия ажыратылады.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) еки ҳәпте мүддетте өзи, жигирма алты жасқа толмаған перзентлери ямаса ери (ҳаялын) профессионал билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ушын жумсалатуғын салық төлеўшиниң мийнет ҳақысы ҳәм басқа дәраматларының суммасын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў және олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде:
а) 2021-жыл 1-июньнен баслап:
АК «Халық банки», АК «Алоқа банк» ҳәм «Микрокредитбанк» АКБ тәрепинен «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқыў курсларын табыслы тамамлап атырған ҳәм сертификат алған жасларға компьютер (соның ишине, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмаған) сатып алыўы ушын базалық есаплаў муғдарының 25 есесинен көп болмаған муғдарда тутыныў кредитлери ажыратылатуғыны. Онда, тутыныў кредитлери бойынша процент төлемлери мәмлекетлик бюджеттен Жаслар ислери агентлигине ажыратылған қаржылар есабынан компенсацияланатуғыны;
«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың шет тиллер ҳәм улыўма билимлендириў пәнлери бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ улыўмалық есапта базалық есаплаў муғдарының 5 есесине шекемги муғдары және олар бойынша миллий сертификатлар алыў ушын өткерилетуғын имтиханларды тапсырыў қәрежетлери Жаслар ислери агентлигине Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан компенсацияланатуғыны;
«Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбияланыўшылары және «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың айдаўшылық курсларында оқыў қәрежетлери базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарына шекем ҳәм мобилизациялық шақырыў резерви хызметиниң төлеми Мәмлекетлик бюджеттен Жаслар ислери агентлигине ажыратылған қаржылар есабынан қапланатуғыны;
жеке меншик кәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа қабыл етилген және жумыс баслағанына алты айдан аспаған «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды қайта таярлаў курсларында оқытыў менен байланыслы болған қәрежетлердиң базалық есаплаў муғдарының 4 есесине шекемги бөлеги усы жеке меншик кәрхана ҳәм шөлкемлерге Мәмлекетлик бюджеттен Жаслар ислери агентлигине ажыратылған қаржылар есабынан компенсацияланатуғыны;
б) 2021-жыл 1-майдан баслап жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм өзине, соның ишинде, ата-анасы (нызамлы ўәкиллери)на тийисли болмаған үйде ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти Мәмлекетлик бюджеттиң есабынан қаплап берилетуғыны. Онда:
ижара төлеминиң қаплап берилетуғын бөлеги Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, қалған аймақларда – базалық есаплаў муғдарының 0,5 есесинен артпаўы зәрүр екенлиги;
ижара төлеминиң қаплап берилетуғын бөлеги биринши гезекте жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлерине, үлги көрсеткен ҳәм белсенди студентлер ушын қаплап берилетуғыны;
жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен олардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын басқа студентлерге де айлық ижара төлеминиң бир бөлеги қаплап берилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норкулов) менен биргеликте:
медицина мәкемелериндеги нәтийжесиз ҳәм көп жыллардан берли пайдаланылмай атырған лаўазымлардың орнына орта медицина хызметкерлеринен ибарат болған «медицина бригадалары»н шөлкемлестириў және социаллық хызметкерлердиң жумысын кеңейтиў ушын 20 мың қосымша штат бирликлерин ажыратсын;
бир ай мүддетте медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша қосымша илажларды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- АК «Халық банк»тиң аймақларда ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў, оларды бизнеске таярлаў, мәсләҳәт бериў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Жүз мың исбилермен ҳаял-қызлар» жойбарын әмелге асырыў және жойбар шеңберинде төмендегилер ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалы, қәнигелесиўи ҳәм басқа да өзгешеликлерин есапқа алып, баҳасы 33 миллион сумға шекемги таяр бизнес – режелер банкин жаратыў;
отыз жасқа шекемги ҳаял-қызлардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда, сәйкес бағдарлар бойынша (аспазлық, кондитер, шаштәрезлик ҳәм басқалар) маман қәнигелердиң қатнасыўында шеберлик сабақлары ҳәм оқыў тренинглерин шөлкемлестириў.
- Жаслар ислери агентлигинде юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилсин ҳәм оның дәраматларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;
Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери жанындағы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ықтыярында салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер төленгеннен кейин қалатуғын сап пайданың бир бөлеги;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары, ўақтынша бос турған қаржыларды коммерциялық банклердиң дипозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматлар;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2021-жылы:
усы Пәрманда жаслардың бәнтлигине жәрдемлесиў ҳәм олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў бойынша нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын Жаслар ислери агентлигине Мәмлекетлик бюджеттен қосымша тәризде 100 миллиард сум;
жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң турақ жай айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қаплаў ушын жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және қарамағындағы жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен уйымлардың есап-санақларына муўапық Мәмлекетлик бюджеттен қосымша түрде қаржылар ажыратсын ҳәм келеси жылы бюджет параметрлерин қәлиплестириўде усы қәрежетлерди нәзерде тутсын.
- 2021-жыл 1-майдан баслап:
дийқан хожалығы жумысы менен шуғылланып атырған жасларды сектор, кластер ҳәм фермер хожалықларының басшылары тәрепинен патронажға алыў системасы енгизилетуғыны. Онда, сектор, кластер ҳәм фермер хожалықларының басшылары тәрепинен «устаз-шәкирт» принципи тийкарында жасларға ажыратылған жер участкаларын өзлестириў, агротехникалық илажларды өткериў, жерлердиң зүрәәтлилигин арттырыў, жетистирилген өнимди реализациялаў ҳәм басқа да мәселелерде жәрдем берилетуғыны;
«Жаслар дәптери»не киргизилген дийқан хожалығы жумысы менен шуғылланып атырған жасларға «Жаслар дәптери», «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» қорларының есабынан туқымлар ҳәм нәллерди сатып алыў ушын базалық есаплаў муғдарының 8 есеси муғдарына шекем субсидия ажыратылатуғыны белгиленсин.
Министрлер Кабинети (Ш.М.Ғаниев), Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) бир ҳәпте мүддетте туқымлар ҳәм нәллерди сатып алыў ушын субсидия алыўға мүтәж жаслардың дизимин қәлиплестирсин ҳәм оларға субсидия ажырытыў илажларын көрсин.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Садиков) менен биргеликте еки ай мүддетте Мәмлекетлик бюджеттен төленетуғын субсидиялар, компенсациялар ҳәм басқа да жеңилликлерди ажыратыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, бул процесте бюрократия ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыў, пуқараларға пайда болған машқалалар ҳаққында тиккелей лаўазымлы шахсларға хабар бериў имканиятын жаратыў мақсетинде арнаўлы электрон платформаны ислеп шықсын және оның керекли дәрежеде ҳәм үзликсиз ислеўи ушын зәрүр илажларды көрсин.
- Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) 2021-жыл 1-июньнен баслап жаслардың исбилерменликке болған қызығыўшылығы ҳәм билимлерин арттырыўға байланыслы сапалы көрсетиўлер ҳәм китаплар жаратыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
еркин баҳалаўшы шөлкемлер тәрепинен рейтинги жоқары деп баҳаланған республика көлеминдеги 3 телеканалдан тамашагөйлер ушын қолайлы болған ўақытты есапқа алып, эфир ўақтын сатып алыў;
бизнес жүргизиў ҳәм онда табысқа ерисиў жоллары бойынша сапалы видеоөнимлердиң шәртнама тийкарында таярланыўын тәмийинлеў және оларды сатып алынған эфир ўақтында көрсетиў;
жасларға әмелий қолланба сыпатында пайдаланыў ушын бизнес жүргизиў ҳәм онда табысқа ерисиў жоллары, исбилерменлик жумысы даўамында жақсы нәжийжелерге ерисиў жолындағы жетискенлик ҳәм қәўип-қәтерлер ҳаққында ҳәммеге қолайлы китапларды басып шығарыўды шөлкемлестирсин.
Усы бәнтте көрсетилген илажлар Жаслар ислери агентлигине Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) «Өзбекстан ушын 100 идея» жойбарын шөлкемлестириў ҳәм өткериў және жойбар шеңберинде Жаслар ислери агентлиги қаржылары есабынан «Өзбекстан Республикасы Президентиниң бес баслама жойбарлаў офиси» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине – биринши басқышта 1 миллиард сум қаржыларды еки ҳәпте мүддетте, кейинги басқышларда жойбардың смета ҳүжжетлерине бола, орынланған жумыслардың көлеминен келип шығып қаржыландырыў илажларын көрсин.
- 2021-жыл 1-июньнен баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине 10 ға шекем мәкан пуқаралар жыйыны бириктириледи;
б) мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары тәрепинен;
бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын жәмлеспеген жаслардың руўхый дүньятанымын қәлиплестириў, соның ишинде, оларды шет тиллер, компьютер саўатлылығы, спорт, мәденият ҳәм китапқумарлық дөгереклерине тартыў илажлары көриледи;
студентлер жатақханаларында, мәденият орайларында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жаслар менен турақлы түрде ушырасыўлар шөлкемлестириў, ашық дөгерек сәўбетлери ҳәм мәдений илажлар өткериў әмелияты енгизиледи.
- Төмендегилер:
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте республикамыздың барлық район (қала)ларында Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) еки ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығып, 2021-жылы Мәмлекетлик бюджеттиң қосымша қәрежетлерин және дәрамат шығынларын қаплаў мақсетинде сәйкес муғдарда Мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин оптималластырыў ҳәм қосымша дәраматлар дәреклери бойынша анық усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов), Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдухакимов) жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тармақ филиалларын шөлкемлестириў, орайларда заманагөй дөгереклерди ашыў, оларды зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;
маман қәнигелерди тартқан ҳалда улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң спорт заллары ҳәм майданларында дөгереклер ашыў;
жазғы дем алыс ўақтында жаслар арасында мәҳәллелер, секторлар ҳәм районлар көлеминде спорт және әскерий ўатансүйиўшилик жарысларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
Усы бәнтте көрсетилген илажлар жергиликли бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 2021-жылдың ақырына шекем Қашқадәрья ўәлаятында эспертимент түринде мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери және музыка пәни оқытыўшыларына төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда үй шараятында жаслар ушын музыка дөгереклерин шөлкемлестириўге руқсат берилсин;
усы дөгереклерди шөлкемлестирген пуқаралар мәденият орайлары тәрепинен нота, музыкаға байланыслы әдебиятлар менен тәмийинленеди және оларға шөлкемлестириў ҳәм методикалық жақтан жәрдем көрсетиледи;
дөгереклерде билим алғаны ушын төлем жергиликли бюджет қаржылары ҳәм оқыўшылар тәрепинен төленеди.
Онда, дөгереклерди шөлкемлестирген пуқаралардың мийнетине ҳақы төлеў мәденият орайлары ушын белгиленген муғдарлардағы төлемлер ҳәм жетпеген бөлегинде жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан төлеп бериледи.
Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Т.Мирзаев) менен биргеликте бул тәжирийбениң Қашқадәрья ўәлаятында әмелге асырылыўын шөлкемлестирсин және оның нәтийжелилигинен келип шығып республикамыздың басқа аймақларында да енгизиў бойынша 2021-жыл 31-декабрьге шекем Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) менен биргеликте бир ай мүддетте Ташкент қаласының жынаятшылық көрсеткишлери жоқары болған район ҳәм қалаларында жаслар менен ислесиўдиң «үлгили тәжирийбе»син ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин. Онда, төмендегилерге айрықша итибар қаратылсын:
тәрбиясы аўыр жасларды анықлаў, олар менен тығыз бирге ислесиў, социаллық бейимлесиўге жәрдемлесиў, жаслар арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын шөлкемлестириў;
социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған шаңарақ перзентлери, қадағалаўсыз ҳәм қараўсыз қалған жас өспиримлер, жәмийетке жат ҳәрекетлерге бейимлиги болған ҳәм профилактикалық есапта турған жаслар менен жеке тәртипте ислесиў;
жаслар менен индивидуал ислесиў, интәкер ҳәм реформаларды әмелге асырыўда белсене қатнасатуғын жас кадрлар резервин шөлкемлестириў.
Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) ҳәм Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) «үлгили тәжирийбе» нәтийжелеринен келип шығып оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қалған барлық районларында қолланылыўын шөлкемлестирсин.
- Жасларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм бәнтлигине жәрдемлесиўге қаратылған илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшылары илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.
- Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.Саъдуллаев, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов және қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Б.А.Мусаевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында 2021-жылдың 1-сентябрь ҳәм 31-декабрь күнине шекем Өзбекстан Республикасы Прездентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2021-жыл 20-апрель