Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикада қурылыс тараўын ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў комплексин буннан былай да раўажландырыў, аймақларда халық ушын арзан турақ-жайлардың қурылысын тәмийинлеў, турақ жай қурылысы базарында талап ҳәм усыныслардың сәйкес келмеўин қысқартыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-июньдеги «Аймақлардың санаат потенциалын арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6244-санлы пәрманына муўапық республиканың 24 район ҳәм қалалары қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қурылыс министрлиги, «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң:
1-қосымшаға муўапық республиканың 8 районында шийки затты қазып алыўдан оны қайта ислеў, лаборатория тексериўинен өткериў, таяр қурылыс ҳәм пардозлаўға қолайлы материаллар ислеп шығарыўға шекем қосымша қун шынжырын жаратыўшы қурылыс материаллары кластерлерин шөлкемлестириў;
2-қосымшаға муўапық республиканың 16 район ҳәм қалаларында басқа да аймақлар менен санаат кооперациясын шөлкемлестириў арқалы қурылыс материалларының ислеп шығарылыўын жолға қойыў;
ҳәр бир аймақта кеминде биреўден қурылыс материалларын ислеп шығарыўдан қурылыс объектлерин жойбарластырыў ҳәм таяр көп қабатлы турақ жайлардың қурылысына шекем қосымша қун шынжырын жаратыўшы турақ жай қурылысы кластерлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 2022-жылы жаңадан шөлкемлестирилетуғын қурылыс материаллары ҳәм турақ жай қурылысы кластерлерин сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2022-жыл 1-марттан баслап:
барлық юридикалық тәреплерге республикада ислеп шығарылатуғын цемент, цемент клинкери ҳәм қурылыс айнасын шеклеўлерсиз тиккелей шәртнамалар тийкарында (квотасыз) экспорт етиўге рухсат берилетуғыны;
2024-жыл 1-январьға шекем Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен жергиликли экспорт етиўши кәрханаларға (олардың ўәкилликли ўәкиллерине) қурылыс материалларын барлық мәмлекетлерге, соның ишинде, шегаралас мәмлекетлерге автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги муғдарын компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ менен биргеликте:
2022-жылдың ақырына шекем капитал базарлары конъюнктурасынан келип шығып, қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбарларын қаржыландырыў ушын «Өзсанаатқурылысбанк» АКБның 300 миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда халықаралық корпоратив облигацияларын шығарыў ҳәм жайластырыў ҳәм турақ жай қурылысы кластерлерин қоллап-қуўатлаў ушын 150 миллион АҚШ доллары муғдарында Ҳүкимет кепилисиз сырт ел кредит линияларының қаржыларын тартыў;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-июньдеги «Аймақлардың санаат потенциалын арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6244-санлы пәрманына бола Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен «Өзсанаатқурылысбанк» АКБға ажыратылған кредит линиясын 5 жыл мүддетке субординар қарыз сыпатында қайта рәсмийлестириў илажларын көрсин.
- Қурылыс министрлиги қурылыста энергияны үнемлейтуғын материалларды кеңнен енгизиў арқалы турақ жай қурылысының ўақты ҳәм өзине түсер баҳасын төменлетиў мақсетинде:
«Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте ҳәм кейин ала турақлы түрде көп қабатлы турақ жайлардың қурылысында усы қарарға 4-қосымшадағы дизимде келтирилген энергия үнемлейтуғын дийўалға қолайлы қурылыс материалларынан пайдаланыўдың абзаллықлары бойынша кеңнен үгит-нәсиятлап барсын;
«Қала қурылысы ҳүжжетлери экспертизасы» МУК ҳәм оның филиаллары тәрепинен көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў процесинде оларда энергияны үнемлейтуғын дийўалға қолайлы қурылыс материаллары қолланылғанына айрықша итибар қаратылыўын тәмийинлесин.
- 2022-2023-жылларда жаңа рудалық емес кәнлерди қәлиплестириў ушын геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыўдың мәнзилли режеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы қарарға 5-қосымшаға муўапық геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыў ушын 2022-2023-жылларда Мәмлекетлик бюджеттен Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине геологиялық-излеў жумыслары ушын ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде 100 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитети ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте 400 пайдалы қазылма кән участкалары аукцион саўдаларға шығарылыўын тәмийинлесин.
- Хорезм ўәлаяты ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-августтағы «Инвестициялық жойбарларды сыртқы саўда инфраструктура менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5233-санлы қарарына муўапық зәрүр сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан тәмийинленетуғын инвестициялық жойбарлардың баҳасы кеминде 50 миллиард сум муғдарында белгиленсин.
Онда, усы тәртипке бола баҳасы 50 миллиард сумнан 200 миллиард сумға шекемги инвестициялық жойбарларды сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў қәрежетлери усы жойбарлар баҳасының 20 процентинен артпаўы керек.
- Турақ жайлардың қурылысын ҳәм қурылыс материаллары санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар режеси 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қурылыс министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов, «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы жанындағы Қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў бойынша кеңестиң баслығы С.С.Аннакличев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 21-февраль