Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилетуғын Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге пуқта таярлық көриў, жаңа әўлад талантлы жас шахматшыларды таярлаў ҳәм жәҳән шахмат орталығына алып шығыў, шахматты халық арасында және ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:
- Халықаралық шахмат федерациясының (кейинги орынларда – ФИДЕ) 2022-жылдағы конгресинде 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы ҳәм ФИДЕниң гезектеги конгресин 2026-жылы Өзбекстанда өткериў ҳаққында қарар қабыл етилгенлигин инабатқа алып, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги сондай-ақ, Өзбекстан шахмат федерациясының 46-Пүткил жер жүзилик олимпидасын Самарқанд қаласында өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Шөлкемлестириў комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
2023-жыл 1-декабрьге шекем ФИДЕ администрациясы басшылығындағы делегацияның Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларына сапарын шөлкемлестириў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериў бойынша ФИДЕ менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети арасында шәртнамалар, келисимлер, меморандумлар ҳәм кепиллик хатларына қол қойыў;
ФИДЕ тәрепинен тастыйықланған 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына таярлықтың бас режесин дүзиў, олимпиада бағдарламасы менен логотипин тастыйықлаў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып барыў ҳәм олардың есабатларын тыңлаў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын зәрүр қәниге кадрларды таярлаў бойынша жумысларды муўапықластырыў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша қәрежетлер сметасын тастыйықлаў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериўге таярлық көриў бойынша барлық мәселелерди ҳәм пайда болатуғын машқалаларды жедел түрде шешиў.
- Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (Ш.Махмудов), Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Э.Турдимов) менен биргеликте 2024-жылдан баслап 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериўге байланыслы ҳәр жылғы қәрежетлер сметасын таярлап, Шөлкемлестириў комитетине киргизсин.
- 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жуўапкер шөлкем етип Өзбекстан шахмат федерациясы белгиленсин.
- Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев):
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериў бойынша ФИДЕ менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети арасында шәртнамалар, келисимлер, меморандумлар ҳәм кепиллик хатларына қол қойыў илажларын шөлкемлестириў;
ҳәзирги инфраструктуралардың қуўатлылығын таллаў тийкарында 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы өткерилетуғын спорт имаратлары ҳәм басқа да объектлерди ФИДЕ талапларына муўапық таярлаў, оларды зәрүр болатуғын спорт, медициналық, техникалық ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинлеў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасында қатнасыўшы ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың 3 еўден миллий сайланды командаларын қәлиплестириў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесине волонтёрларды тартыў;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына таярлықтың барысы ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте Шөлкемлестириў комитетине турақлы түрде есабат берип барыў илажларын көрсин.
- 2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў ҳәм шахматты ғалабалық ҳәрекетке айландырыўға байланыслы илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Ҳ.Умарова), Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов) сондай-ақ, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев) менен биргеликте:
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшыларына шахматты әпиўайыластырылған түрде үйретиўши анимациялық материаллар ҳәм оқыў қолланбаларын жаратсын;
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшыларын шахматқа қызықтырыў ҳәм үйретиў бойынша «Шахмат бақшадан басланады» арнаўлы бағдарламасын әмелге асырыўды системалы жолға қойсын;
ҳәр жылы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары арасында «Шахмат фестивалы»н өткерип барсын;
улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Мектеп лигасы», «Академиялық лицей лигасы», «Профессионал билимлендириў мәкемелериниң лигасы» ҳәм «Студентлер лигасы» жарысларын ҳәр жылы үш басқышта системалы өткериўди жолға қойсын.
- 2024-жыл 1-январьдан баслап «Шахмат стипендиясы» шөлкемлестирилсин.
«Мектеп лигасы», «Академиялық лицей лигасы», «Профессионал билимлендириў мәкемелериниң лигасы» ҳәм «Студентлер лигасы» жарысларында жеңимпаз болған оқыўшы-жаслар ҳәм студентлер жыл даўамында ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында «Шахмат стипендиясы» менен хошаметленетуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап жеке меншик шахмат клубларына олар тәрепинен шахмат дөгереклерин шөлкемлестириў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў ушын мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм аймақлардағы «Жаслар орайлары»нан ижара төлемлерисиз (коммуналлық төлемлер буған кирмейди) орын ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Жаслар ислери агентлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте шахмат дөгереклерин шөлкемлестириў ушын «Жаслар орайлары»нан орын таярласын ҳәм қызығыўшылық билдирип атырған пуқараларға оларды усыныс етсин.
- Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Миллий гвардия (Р.Джураев) ҳәм Ишки ислер министрлиги (П.Бобожанов) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги сондай-ақ, Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте Қураллы Күшлер системасында, соның ишинде, әскерий билимлендириўге бағдарланған шөлкемлерде, сондай-ақ, жазаны орынлаў мәкемелеринде шахматты және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:
шахмат бойынша тренер ҳәм қәнигелерли тартқан ҳалда әскерий хызметкерлер ушын оқыў сабақларын шөлкемлестирсин;
әскерий хызметкерлер ушын шахмат бойынша оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм басқа да мәлимлеме материалларын таярласын;
Қураллы Күшлер әскерий структуралары, әскерий билимлендириўге бағдарланған шөлкемлер ҳәм жазаны орынлаў мәкемелерин шахмат бойынша оқыў қолланба, шахмат тахтасы, фигуралары, сааты ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинлесин;
әскерий хызметкерлер ушын белгили шахматшылардың қатнасыўында шеберлик сабақлары, ушырасыўлар, семинар, тренинг ҳәм оқыў сабақлықларын шөлкемлестирсин;
Қураллы Күшлер әскерий структуралары, әскерий билимлендириўге қаратылған шөлкемлер ҳәм жазаны орынлаў мәкемелеринде жыл даўамында системалы түрде шахмат бойынша турнирлер ҳәм жарысларды шөлкемлестирсин сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин хошаметлеп барсын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Ишки ислер министрлигиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (Ш.Махмудов) менен Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев) потенциаллы әскерий хызметкерлерди шахмат бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарыслар менен турнирлерге кеңнен тартсын, оларды шахматшылар резерви ҳәм сайланды командалар қурамына қосыў илажларын көрсин.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
2024-жылдан баслап ҳәр жылы профессионал шахмат клублары арасында «Өзбекстан бириншилиги» жарысларын өткерип барыў;
шахмат бойынша миллий сайланды командалар ағзалары, сондай-ақ, миллий сайланды командаларға тийкарғы нызам болған шахматшыларды таярлаў ушын тәжирийбели сырт ел тренерлери менен қәнигелерин тартыў сондай-ақ, олардың жәрдеминде жергиликли тренер ҳәм қәнигелерди оқытыў;
халықаралық арбитрлар таярлаў бойынша семинарлар ҳәм әмелий сабақларды турақлы шөлкемлестирип барыў;
шахматты үгит-нәсиятлаўда айрықша үлги көрсеткен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм шолыўшылар («стример»лер)ды таңлаў тийкарында сайлап алыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
ФИДЕ қурамына кириўши абырайлы халықаралық жарысларды басқышпа-басқыш Өзбекстанда өткериў бойынша илажларды әмелге асырыў;
аймақларда қәбилетли шахматшы жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал шахматшылар сыпатында таярлаў системасын және де жетилистириў илажларын көрсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) 2024-жылдан баслап ҳәр жылы 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериўге пуқта таярлық көриў бойынша Шөлкемлестириў комитети тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасына муўапық 50 миллиард сумға шекемги қаржылар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
усы бәнттиң биринши абзацында нәзерде тутылғаг қаржылар төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны:
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериў ушын ФИДЕге кепиллик қаржыларын өткерилетуғыны;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадаларына шахматшыларымызды таярлаў, соның ишинде, суперкомпьютер программаларын ижараға алатуғыны, шахматшылар ҳәм олардың тренерлери ФИДЕ қурамындағы жарысларда қатнасыўға байланыслы илажларды қаржыландыратуғыны;
46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасын өткериўге таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы басқа қәрежетлерди қаржыландыратуғыны;
шахмат бойынша заманагөй методикаларға тийкарланған илимий-методикалық ҳәм оқыў әдебиятларын таярлайтуғыны ҳәм басып шығаратуғыны;
«Шахмат стипендиясы»н төлеп баратуғыны;
шахмат бойынша жергиликли ҳәм халықаралық чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларды шөлкемлестиретуғыны ҳәм қосымша қаржыландыратуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы (Ш.Қудратхўжа) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) сондай-ақ, Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев) менен биргеликте 2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў ҳәм шахматы ғалабалық ҳәрекетке айландырыўға байланыслы әмелий илажларды кеңнен сәўлелендирсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамов, Жаслар ислери агентлиги директоры, Өзбекстан шахмат федерациясының баслығы А.З.Саъдуллаев ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Э.О.Турдимов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў 2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў бойынша шөлкемлестириў комитет баслығы, Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 8-май