Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманы менен репродуктивлик жастағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, балалар ушын жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, перинатал орайларды зәрүр медициналық техника ҳәм буйымлар менен үскенелеў, оларды маман кадрлар менен тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленди.

Кейинги бес жыл даўамында әмелге асырылып атырған социаллық сиясат аналық ҳәм балалықты системалы түрде қорғаў имканиятын жаратты, нәтийжеде аналар ҳәм нәрестелер өлиминиң азайыўына ерисилди.

Соның менен бирге, алыс аймақларда медициналық жәрдемди мақсетли бағдарлаў системасын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, аналар ҳәм балаларға көрсетилип атырған медициналық хызметтиң нәтийжелилигин арттырыў, амбулатор жәрдемди буннан былай да жақсылаў, қыстаўлы ҳәм қәнигелескен медициналық жәрдемди раўажландырыў, медициналық генетика ҳәм заманагөй скрининг бағдарламаларын енгизиў талап етилмекте.

Аналар ҳәм балалардың денсаўлығын беккемлеў, саламат бала туўылыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған илажларды белгилеў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» темасындағы ашықтан-ашық сәўбетлесиў шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер 2022-2026-жылларда аналар ҳәм балалар денсаўлығын беккемлеўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

а) денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынында аналар ҳәм балалар арасында кеселликлер профилактикасы, оларды ерте анықлаў ҳәм саламатландырыў бағдарламаларын әмелиятқа енгизиў, соның ишинде:

саламат перзенттиң туўылыўы, раўажланыўы ҳәм тәрбиясы мәселелери бойынша түсиндириў жумысларын күшейтиў, дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти арттырыўды үгит-нәсиятлаў, саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў;

балалар, ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаялларды витамин ҳәм минераллар менен бийпул тәмийинлеў ҳәм мақсетли скрининг илажлары арқалы кеселликлердиң нәтийжели профилактикасын алып барыў;

б) 2022-2026-жылларда аналар ҳәм балалар ушын медициналық хызмет көрсетилетуғын объектлерди реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

в) диагностика ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялы ҳәм инновациялық усылларын әмелиятқа енгизиў және тараў хызметкерлериниң илимий потенциалын турақлы арттырып барыў.

  1. 2022-2026-жылларда аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейтиў бойынша илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:

төмендегилерди:

Нөкис қаласында «Балалар медицина кластери»;

жаңадан шөлкемлестирилип атырған 46 районлараралық перинатал орайларда нәрестелер реанимациясы бөлими;

2022-жыл 1-майдан баслап район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалары, сондай-ақ, Ташкент қаласының шаңарақлық поликлиникаларында балалар бөлими;

район (қала)лық медицина бирлеспелеринде әмелдеги штат бирликлери шеңберинде балалар анестезиология-реанимация бөлимлери ҳәм күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўши педиатрия постлары;

Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медициналық орайында  балаларда нәсилли-генетикалық, соның ишинде, орфан кеселликлерине ерте диагнозлаў бойынша Реферанс лаборатория ҳәм аймақларда оның 17 регионаллық лабораторияларын шөлкемлестириў;

Республикалық перинатал орайы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық перинатал орайлары ҳәм балалар көп тармақлы медициналық орайларында  2022-2023-жылларда жәми 29 қыстаўлы перинатал ҳәм қыстаўлы педиатриялық мобиль нәўбетши реанимациялық бригадалардың жумысын жолға қойыў;

жаңадан туўылған нәрестелерде еситиў нуқсанларын ерте анықлаўға қаратылған аудиоскрининг илажларын Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың балалар көп тармақлы медициналық орайлары ҳәм аймақлардағы барлық туўыў комплекслеринде енгизиў;

аудиоскрининг илажларының нәтийжелерин таллаў ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын электрон бақлаў (трекинг) орайларын үскенелеў.

а) Нөкис қаласындағы «Балалар медицина кластери» Балалар көп тармақлы медицина орайының имаратын жаңадан қурыў арқалы шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Онда:

Қарақалпақстан Республикасы Балалар көп тармақлы медицина орайы, Қарақалпақстан медицина институтының клиникасы ҳәм Балалар стоматологиясы поликлиникасы «Балалар медицина кластери» қурамына киргизилип, бирден-бир басқарыў жолға қойылады;

«Балалар медицина кластери»ниң имараты 2023-жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырылады;

б) 46 районлараралық перинаталь орайларда 6 орыннан кем болмаған нәрестелер реанимациясы бөлими қосымша штат бирликлерин ажыратыў есабынан шөлкемлестириледи;

в) район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалар, сондай-ақ, Ташкент қалалық шаңарақлық поликлиникаларда шөлкемлестирилетуғын балалар бөлими штат бирликлери шеңберинде қәлиплестириледи ҳәм онда педиатрия бағдары бойынша барлық тар тараў қәнигелери, мектеп оқыўшыларына хызмет көрсетиў ушын шыпакер-педиатрлар, балалар шыпакер-гинекологи, тийисли орта медицина хызметкерлери, вакцинация ханасы хызметкерлери, «медицина бригадаларын»дағы педиатрия мийирбийкелери жумыс алып барады;

г) қыстаўлы перинатал ҳәм қыстаўлы педиатриялық мобиль нәўбетши реанимациялық бригадалардың жумысын жолға қойыў ушын күни-түни жумыс алып баратуғын қосымша нәўбетшилик постлары шөлкемлестириледи.

  1. Шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалар тәрепинен балалар ҳәм ҳәмиледар ҳәм туўыў жасындағы ҳаялларды және де сапалы медициналық хызмет пенен толық қамтып алыў ушын 2022-жыл 1-июльден баслап «медицина бригадалары» қурамына қосымша 3 600, 2023-жыл 1-январьдан баслап жаңа қосымша 4 900 орта медицина хызметкерлери (педиатрия мийирбийкеси ҳәм акушер) штатлары ажыратылсын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте еки ай мүддетте шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар, район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық медицина бирлеспелери системасына қосылыўы нәзерде тутылған жаңа штатлардан келип шығып, штат нормаларын қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-ноябрьдеги «Репродуктивлик жастағы ҳаял-қызлар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў ҳәм көлемин буннан былай да кеңейтиў ҳаққында»ғы ПҚ-4513-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Министрлер Кабинети жанындағы Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў кеңеси (А.Н.Арипов):

аналар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў бойынша қабыл етилген бағдарламалар ҳәм илажлардың орынланыўын турақлы қадағаласын;

ҳәр шеректе әмелге асырылған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр бир ўәлаят, район (қала) кесиминде мағлыўмат берип барсын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте  еки ҳәпте мүддетте «Репродуктивлик саламатлық, аналық ҳәм балалық мәселелери бойынша» республикалық штаб, 14 аймақлық штатлардың жумысын жолға қойсын.

Аймақларда халықтың репродуктивлик саламатлығын қорғаў, аналар ҳәм балаларға көрсетилип атырған медициналық хызмет жумысын системалы үйрениў, таллаў, кемшиликлерди анықлаў және оларды сапластырыў бойынша анық илажларды белгилеў ҳәм орынланыўын қадағалаў штабтың тийкарғы ўазыйпалары болып есаплансын.

  1. Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы ҳәм Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы аймағында сүйек мийин көшириў әмелиятын жолға қойыў мақсетинде 2022-жылы арнаўлы әмелият комплексиниң имаратын қурыў ҳәм үскенелеў ушын Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқасларды саламатландырыўға жәрдемлесиў қорынан зәрүр қаржы ажыратылсын.

2022-жыл 1-майдан баслап Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайында емленип атырған наўқас балаларға қарайтуғын шахслар (ата-ана ҳәм басқалар) ушын бийпул аўқатланыў жолға қойылсын.

  1. Қаржы министрлиги усы қарарда нәзерде тутылған илажларды орынлаў ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте 2022-2025-жыллар даўамында 227 туўыў комплекси ҳәм 46 районлараралық перинатал орайларды толық оңлаў ҳәм үскенелеў ушын халықаралық финанс институтларының грант ҳәм кредит қаржыларын тартсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 25-апрель