Бүгин ҳаял-қызлар арасында өткерилген конькиде жуўырыў бойынша жарыста канадалы Ивана Блонден, Валери Мальте ҳәм Изабель Вайдеман 2 минут 53,4 секунд ўақыт пенен Олимпиада рекордын жаӊалап, өз мәмлекети есабына және бир алтын медальды қосып қойды.

Аяно Сато, Михо Такаги ҳәм Нана Такагиден ибарат Япония сайланды командасы жеӊимпаздан 11,03 секунд артта қалып гүмис, нидерландиялы қызлар болса қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, биатлон бойынша ерлер арасындағы командалық  эстафета жарысында болса, Норвегия сайланды командасы ағзалары 1 саат 19 минут 50,2 секунд ўақыт пенен алтын медальды қолға киргизген болса, франциялы ҳәм россиялы спортшылар екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы