Нөкис қалалық Жаслар ислери агентлиги ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» биргеликте «Таслақ» МПЖ аймағында спорттың еркин гүрес түри бойынша ҳәўескер жаслар арасында жарыс шөлкемлестирилди.
Илажда шығып сөйлегенлер, елимизде барлық тараўлар сыяқлы спорт тараўын раўажландырыў бойынша да алып барылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, келешегимиз болған жасларды спортқа кеңирек тартыў, спорттың ғалаба ен жайыўына ерисиў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў баслы мақсетимиз болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Жарысқа аймақтағы 14-18 жас аралығындағы 120 дан аслам ҳәўескер жаслар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Түрли салмақ категориясында ер балалар ҳәм қызлар арасында болып өткен жарыста жеңимпаз жаслар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, жарыста қатнасқан ҳәўескер жаслардың еркин гүрес пенен турақлы түрде щуғылланып барыўын шөлкемлестириў мәселелери бойынша да пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги