Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола, Қазақстан Республикасының Ақтөбе ўәлаяты Ырғыз районында «Самара – Чимкент» автомобиль жолында автобустың жаныўы ақыбетинде қайтыс болған 52 Өзбекистан Республикасы пуқарасы шаңарақларының бәршесине бир мәртелик напақа ажыратылды, деп хабар береди Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети.

Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллери менен мәҳәлле белсендилери тәрепинен қайтыс болғанлардың шаңарақларына руўхый ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

ӨзА