Елимизде спорттың ҳаял-қызларға тән нәзик ҳәм сулыў түрлерин раўажландырыў, спорт пенен шуғылланыўды халықтың күнделикли турмыс тәризине айландырыў ҳәм усы арқалы ҳаял-қызлардың саламатлығын сақлаў бағдарында көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиндеги «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде, партияның Кегейли районлық Кеңеси ҳәм районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте «Спорт – сулыўлық ҳәм саламатлық дәреги!» сүрени астында спорт илажы шөлкемлестирилип, пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар арасында спорттың «гимнастрада» түри бойынша көргизбели шығыўлары шөлкемлестирилди.
– Кейинги жылларда Президентимиздиң басламасы менен барлық тараўлар сыяқлы спорт тараўын реформалаўға да үлкен итибар қаратылмақта,-дейди ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Б.Искендеров. – Халықты турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрман жойбарының төртинши «Әдалатлы социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў бағдары»нда да денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын халықтың санын 2026-жылда 33 процентке жеткериў кереклиги келтирип өтилген.
Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлардың көргизбели шығыўларында белсене қатнасқан ҳаял-қызларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги