Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Президент Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола Корея Республикасына мәмлекетлик сапары мүнәсибети менен ӨзАның хабаршысы Саидмурод Раҳимов, дәстүрге бола, Кореяның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық-ҳуқықлы елшиси Кан Чжэ Квонның еки журт арасындағы жыллы қатнасықлар ҳаққындағы пикирлерин жазып алды:

– «Биз сондай еллермиз, мәмлекетлеримиз басшылары бир-бирин аға-инидей дос, деп биледи, мәмлекетлеримиз тығыз бирге ислесиўде раўажланбақта. Адамларымыз бир-бирин шын жүректен жақсы көреди, ҳүрмет етеди, халықларымыз бәрқулла бир-бирине бахыт, тынышлық тилейди». Бул сөзлерди мен жақында Корея Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы жоқары мәртебели рәсмийлериниң ушырасыўы ўақтында, күтилмегенде сөз берип қалғанда айттым. Негизинде, бундай пикир-ойлар соңғы үш жыл даўамында Өзбекстанда жасап, дипломат сыпатында жумыс ислеп келер екенмен, ҳәр күни ойымнан өтеди. 30 жыл ишинде усындай өз-ара жыллы қатнасықты қәлиплестириўге ерискенимиз, мәмлекет жетекшилериниң дослығы, бир-биринен мыңлаған километр узақта жайласқан ҳүкимет ҳәм халықлар бир-бирин усындай ҳүрмет еткенинен оғада қуўанышлыман.

Миймандослық, кеңпейиллик, жақсылық етиў өзбекше «мәҳәлле» ҳәм корейс тилиндеги «маил» түсинигинде бар. Ҳәттеки, бул еки сөз бирдей. Жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет, жас әўладқа тәлим-тәрбия бериў, қоңсы, ағайын-туўысқан, жақынлары ҳаққында қайғырыў – булардың бәри мәмлекетлеримиз ушын улыўма болған қәдирият, үрип-әдет, уқсас дәстүрлердиң жемиси болып есапланады.

Самарқанд қаласындағы «Афросиёб» музейинде сақланып киятырған сүўрет (Фреска) мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық алмасыўлар 1400 жыл бурын басланғанын көрсетеди. Өзбекстан ҳүкимети ҳәм бизнес жәмийетшилиги дипломатиялық қатнасық орнатылыўдан алдын корейс компанияларын шерик сыпатында таңлаған. Республикада жасап киятырған корейс миллетине тийисли халық (корейс диаспорасы) дипломатиялық қатнасық жолға қойылғанынан еки халық арасында көпир ўазыйпасын орынлап келмекте. Бундай нәтийжелерге қатнасықлардың раўажланыўы ушын бар күш-ғайраты, шеберлигин жумсап атырған дипломат кәсиплеслеримизден баслап басқа көплеген қәнигелердиң белсендилиги себепли ерисилмекте.

Ҳәзир Корея Республикасы ҳүкимети Өзбекстан Республикасы менен бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў мақсетинде қатнасықларды «Жаңа Қубла сиясаты» миллий философиясына сәйкес келетуғын екинши басқышын жолға қойыўға таярлық көрмекте. Усыған муўапық, ҳәзирги ўақытта да көплеген инсанлар бул нийетлерди әмелге асырыў ушын шын жүректен мийнет етпекте.

Бизиң өз-ара жыллы сезимлеримизге пандемия да тәсир ете алмады. Пүткил дүнья коронавирус себепли жабық болып турғанда да Сеул ҳәм Ташкент арасындағы авиақатнаў тоқтамады. Керисинше, бул вирус себепли жүзеге келген кризис денсаўлықты сақлаў, медицина тараўларында бир неше жыл алдын алға қойылған бир қатар жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетти жеделлестириўге имканият жаратты. Физикалық шеклеўлерди IT, яғный мәлимлеме технология тараўындағы шерикликтиң қамтып алыныўы кеңейтилиўи есабынан жеңип өттик. Еки тәреплеме сырт ел сапарлары менен байланыслы машқалаларды болса онлайн конференция түриндеги ушырасыўлар санын көбейтип сапластырдық.

Мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем соңғы төрт жыл ишинде, ҳәттеки, пандемия ҳәўиж алған айрықша жағдай ўақтында да еки мәмлекеттиң перзидентлери өткерген жоқары дәрежедеги төрт ушырасыўда өз көринисин тапты.

Дурыс, өткен дәўир ишинде сиясат, экономика, жәмийет, мәденият, илим ҳәм технологиялар сыяқлы көплеген тараўларда Өзбекстан ҳәм Корея республикалары биргеликте салмақлы жетискенликлерге еристи. Болажақ саммитте соңғы 30 жылдағы ең әҳмийетли ўақыялар жәмленип, талланады, деп ойлайман. Соның менен бирге, әлбетте, дүнья жәмийетшилигиниң толық еки ағзасы сыпатында мәмлекетлеримиздиң инсанияттың айқын келешегин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосатуғын көзқараслары да усыныс етиледи.

ӨзА