Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола, 16-декабрь күни мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Сапардың бағдарламасына муўапық, Сеул қаласында жоқары дәрежеде ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткериў, Қубла Корея парламенти администрациясы ҳәм жетекши компанияларының ўәкиллери менен ушырасыў өткериў нәзерде тутылған.

Күн тәртибинен Өзбекстан-Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин, бәринен бурын, «жасыл» экономика, инвестициялар ҳәм инновациялар, санлы технологиялар, социаллық тараў сыяқлы тийкарғы бағдарларды және де кеңейтиў мәселелери орын алған.

 

ӨзА