Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Иннинг мирәт етиўине бола 16-18-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қубла Кореяда болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Сеул қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде Өзбекстан-Корея дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў жоллары көрип шығылады.

Бәринен бурын, «жасыл» экономика, санластырыў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў бойынша бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылады.

Сондай-ақ, Президентимиз Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы басшылығы, усы мәмлекеттиң ең ири компаниялары ҳәм банк-финанс институтларының ўәкиллери менен ушырасады.

Сапар жуўмағында салмақлы еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылған.

 

ӨзА