Америка Қурама Шататлары Орайлық Азияда «С5+1» форматында ушырасыў өткериўди режелестирмекте.
«С5+1» Орайлық Азияның бес мәмлекети ҳәм АҚШтың сыртқы сиясат мәкемелери басшыларының ушырасыўын аңлатады. Өзбекистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан сыртқы ислер министрлери ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң усы форматтағы дәслепки ушырасыўы 2015-жыл 1-ноябрьде Самарқандта болып өткен.
Шет ел ғалаба хабар қуралларында берилген хабарларға бола, АҚШ Мәмлекетлик хаткери жәрдемшисиниң биринши орынбасары Элис Уэллс «С5+1» форматындағы шерикликти әмелий ҳәм нәтийжели деп атаған.
Бурынғы ҳәкимшилик тәрепинен жолға қойылған бул формат АҚШ Президенти Дональд Трамп тәрепинен де толық қоллап-қуўатланбақта. Мәмлекетлик хаткеримиз Рекс Тиллерсон Нью-Йоркта өз кәсиплеслери менен усы шеңберде ушырасқан еди. Келешекте Орайлық Азияда усындай ушырасыў өткериледи. Бул жойбарды беккемлеў ушын АҚШ Конгресси 15 миллион доллар ажыратқан, деген Эллис Уэллс.
Оның сөзлерине бола, Америка Қурама Штатлары Орайлық Азияның бирлесип атырғанынан ҳәм регионның улыўмалық машқалаларын шешип атырғанынан қуўанышлы.
Бундай нәтийжеге Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сиясий билими ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли ерисилгенин исеним менен айтыў мүмкин.
Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасында, Өзбекистан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде Өзбекистан барлық мәмлекетлер, биринши гезекте, қоңсы еллер менен өз-ара пайдалы бирге ислесетуғынын атап өткен еди.
Бул мақсетлер 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында өз сәўлелениўин тапты. Терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясатты алып барыў, Өзбекистанның әтирапында қәўипсизлик, турақлылық ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын беккемлеў, мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаўды шешиў сыяқлы мәселелер тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.
Өткен қысқа ўақытта бул бойынша тарийхый қәдемлер қойылды. Президентимиз дәслепки мәмлекетлик сапарларын қоңсы еллерге әмелге асырды. Қазақстан ҳәм Қырғызстан Президентлери мәмлекетлик сапар менен Ташкентте болды. Тәжикстанға жоқары дәрежедеги сапар етиў режелестирилмекте. Бул Өзбекистанның сыртқы сиясатында жақсы қоңсышылық қатнасықларына айрықша әҳмийет қаратылып атырғанын айқын дәлилледи.
Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм сиясий билими себепли регионда исеним дәрежеси сезилерли артты. Мәмлекетлик шегаралар, суўдан пайдаланыў машқалалары, транспорт жоллары, саўда байланыслары, аймақлардың бирге ислесиўи сыяқлы көплеген мәселелер бойынша өз-ара пайдалы шешимлер табыўға ерисилди.
Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Өзбекистан бүгинги күнде өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына тийкарғы әҳмийет қаратып атырғанын атап өтти. «Оралық Азияның дәл ортасында жайласқан Өзбекистан бул регион турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айланыўынан тиккелей мәпдар. Тыныш-татыў, экономикалық жақтан раўажланған Орайлық Азия – биз умтылатуғын ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Өзбекистан өз-ара сөйлесиўди, әмелий бирге ислесиўди ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўдиң сөзсиз тәрепдары. Биз Орайлық Азия еллери менен, әлбетте, барлық мәселелер бойынша ақылға уғрас келисим тийкарында бирге ислесиўге таярмыз», деген еди мәмлекетимиз басшысы.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2017-жыл 10-11-ноябрь күнлери «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўмалық келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасында ири халықаралық конференция болып өтти. Конференцияда Президентимиз шығып сөйлеп, Орайлық Азияны турақлы ҳәм экономикалық раўажланған регионға айландырыў, үлкен аймақта тынышлық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды. Қоңсы мәмлекетлердиң ўәкиллери оларды қоллап-қуўатлап, регион алдындағы әҳмийетли мәселелерди додалады, улыўмалық көзқарасларды ҳәм перспективадағы ўазыйпаларды белгилеп алды.
Регионымыздағы бундай унамлы өзгерислерди Америка Қурама Штатлары Президенти Дональ Трамп та тән алды. 2017-жыл 19-декбарь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев пенен телефон арқалы сөйлесиўде АҚШ Президенти Өзбекистанның регион еллери менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўға ҳәм кооперацияны жеделлестириўге қаратылған, Орайлық Азияда тынышлықты ҳәм турақлылықты беккелеўге хызмет етеуғын ашық-айдын ҳәм конструктив сыртқы сиясатын ҳәм белсенди ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўалайтуғынын атап өтти.
«С5+1» форматында өткерилетуғын гезектеги ушырасыў Орайлық Азия мәмлекетлери менен АҚШтың бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Анвар САМАДОВ,
ӨзА ның шолыўшысы