Төрткүл районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланып көркем гимнастика ҳәм шахмат бойынша «Ҳәким кубоги» жарысы болып өтти.
Ашылыў салтанатында район ҳәкими Р.Шамуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Р.Мамутов шығып сөйлеп, район жасларының соңғы жыллары қолға киргизип киятырған жоқары нәтийжелерине тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, жаслардың спортқа болған қызығыўшығын арттырыў, олар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиў болып табылады.
Жарыста соңғы ўақытлары жақсы нәтийжелерге ерисип киятырған 30 гимнастикашы қыз ҳәм 20 дан зыят шахматшы қатнасты. Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, район ҳәкимлигиниң басламасы менен жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Биз АИЖС қа қарсымыз» сүрени астында жүриў марафоны да шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги