Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент–жаслары арасында спорттың стол теннис түри бойынша филиал бириншилиги өткерилди.
Бул ҳаққында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы баспасөз хызмети хабар берди.
Жарыста филиал студент-жаслары өзлериниң спорттағы уқыбын сынақтан өткерди. Солай етип, қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында ер балалар арасында «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» тәлим бағдарының 3-курс студенти И.Турдымамбетов биринши, «Қосық ҳәм аяқ ойын» тәлим бағдарының 1-курс студенти Е.Ержанов екинши, «Драмалық театр режиссёрлығы» тәлим бағдарының 1-курс студенти Н.Есбосынов үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында «Китапхана ҳәм хабар искерлиги» тәлим бағдарының 1-курс студенти У.Узақбаева биринши, «Китапхана ҳәм мәлимлеме жумысы» тәлим бағдарының 2-курс студенти С.Жумағамбетова екинши, «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» тәлим бағдарының 1-курс студентди С.Утебаева үшинши орынды қолға киргизди.
Жарыста «Ең жақсы ойыншы» номинациясы бойынша да жеңимпазлар анықланып, жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги