Усы жылдың 26-31 октябрь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында 2008-2009 жылларда туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында миллий гүрес бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Бул жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан жети жүзден аслам спортшылар қатнасты.
Соның ишинде бизиң республикамыздың сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасып қайтты. Атап айтқанда Шымбай районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Рамазан Бахтыбаев (тренери Баймурат Үббиев) 56 кг салмақта 1-орын ийелеген болса, Нөкис Олимпия резервлери колледжи оқыўшысы Ерсултан Тәжибаев +70 кг салмақта (тренери Нийетбай Жорабеков ) 3-орынды ийелеп жеңимпаз болыўға миясар болды.
Жарыс соңында бул жеңимпаз спортшылар Өзбекстан Кураш федерациясы тәрепинен таярланған дәрежели медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги