Россиялы фитотерапевт ҳәм биология илимлериниң кандидаты Михаил Лушик палды өмирди узайтатуғын өним деп атады ҳәм оның шыпалы қәсийетлери ҳаққында айтып берди. Бул ҳаққында «Вечерняя Москва» хабар бермекте.
Қәнигениң сөзлерине бола, палдың шыпалы қәсийетлери көпшилик жағдайда оның қандай ингредиентлерден таярланыўына байланыслы. Мысалы ушын, пал аязлаўдан тезирек тәўир болыўға жәрдем береди. Акаци палы болса төмен гликемия индексине ийе. Соның ушын оны диабетке шатылғанлар да арқайын жеўи мүмкин.
Ҳәр қыйлы ингредиентлердиң организмге тәсири ҳәр қыйлы болыўына қарамастан, шыпакер палдың адамлар ушын пайдалы екенлигин атап өтти. Өним баўыр, жүрек ҳәм нерв системасына унамлы тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, ол қан тамырларында атеросклероз раўажланыўына тосқынлық ететуғын антиоксидантларға бай.
«Палдан тысқары, пал ҳәрре уясы да организмге унамлы тәсир көрсететуғыны дәлилленген. Мумланған кетекшелер асқазан бузылыўын емлеўде қолланылады. Буннан тысқары, пал ҳәррелер ислеп шығарыўшы барлық өнимлер өмирди сезилерли дәрежеде узайтады»,-деди Михаил.
Қарақалпақстан хабар агентлиги